Декабрь айында «Бәркамал әўлад-2021» спорт жарысларының республикалық басқышына старт бериледи. Дәслеп олимпия ойынлары бағдарламасынан орын алған спорт түри есапланған дзюдо бойынша ең күшлилер анықланады.

Дзюдо бойынша аймақлық басқышта сайлап алынған спортшылар 1-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасына келеди ҳәм 2-декабрьден баслап жарысларға қатнасады. 3 күн даўамында ҳәр қыйлы салмақ категорияларында жеңимпазлар ҳәм сыйлы орынларды ийелейтуғын палўанлар анықланады.

«Бәркамал әўлад-2021» бағдарламасынан орын алған келеси спорт түри жеңил атлетика бойынша финал басқышы 10-14-декабрь күнлери Жиззақ ўәлаятында болып өтеди.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.