Нөкис районында «Street Workout»  ҳәм киши футбол майданшасы қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.

Оның ашылыў салтананында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти. Жыйналғанларды жаңа спорт майданшасының ашылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, мини футбол бойынша Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығының кубогы ушын өткерилген жарыста Нөкис районының «Ақманғыт» командасы  14 команда арасында төртинши орынды ийелеп, «Street Workout» май     даншасының қурылысы бойынша сертификатқа ийе болған еди.

Улыўма баҳасы 1 миллиард 300 миллион сум болған қурылыс жумыслары «MAX ELIT SROY» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурылысшылары тәрепинен қысқа мүддетте қурып питкерилди. Жаңа спорт майдашасының пайдаланыўға тапсырылыўы район жаслары арасында денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў, оларды спортқа тартыўда айрықша әҳмийетке ийе болды.

Илаж қатнасыўшылары жас спортшылар арасында өткерилген жарысты тамаша етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги