Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Аралбойы регионында исбилерменликти жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға муўапық, 2022-жыл 1-январьдан баслап 2031-жыл 1-январьға шекем Мойнақ районындағы жергиликли санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызметлер тараўларындағы исбилерменлер ушын:
– пайда ҳәм дәрамат салығы, айланыстан алынатуғын және социаллық салықлар 1 процент;
– мүлк, жер ҳәм суўдан пайдаланыў ушын салық 1 процент етип белгиленди.
Сондай-ақ, усы пәрман тийкарында Қарақалпақстан Республикасы ушын мәмлекетлик бюджеттен тәмийинленетуғын инвестициялық жойбарлар кеминде 50 миллиард сум етип белгиленди.
2022-жыл 1-январьдан 2027-жыл 1-январьға шекем Аралбойы регионындағы:
– киши исбилерменликлерге кәрхана ушын зәрүр әсбап-үскенелерди алып келиў ҳәм олар ислеп шығарған өнимлерди басқа аймақларға жеткерип бериў менен байланыслы тасыў қәрежетлериниң 50 проценти қаплап бериледи;
– жергиликли экспортшылар ислеп шығарған өнимлерди экспорт етиўде, олардың Каспий теңизине шекемги тасыў менен байланыслы транспорт қәрежетлери толық қаплап бериледи.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.