Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги тәрепинен 24-25-ноябрь күнлери «Жаңа Өзбекстан билмлендириўи: реформалар жолында табыслы бирге ислесиў» темасында халықаралық  форум шөлкемлестирилмекте, деп хабар береди xs.uz.

Усы форумнан гөзленген мақсет:

– сырт мәмлекетлердиң ўәкиллерин Өзбекстандағы билимлендириў реформалары менен таныстырыў;

– заманагөй билимлендириў системасын раўажландырыўдың сырт ел тәжирийбесин енгизиў;

– абырайлы халықаралық шөлкемлер менен тәжирийбе алмасыўдан ибарат.

Форумға Европа, Америка, Азия континентлеринен билимлендириў тараўының  100 ден аслам жетик қәнигелери, өз бағдарында жәҳәнниң ең абырайлы билимлендириў орынларының басшылары ҳәм жәҳән ЖООлары рейтингин баҳалаўшы Тимес Хигхер Эдусатион шөлкеминиң қатнасыўы күтилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги