Өзбекстан –Россия саммити нәтийжели жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине  бола, Россия  Президенти  Владимир Путинниң мәмлекетлик сапары шеңберинде бир қатар биргеликтеги илажлар болып өтти.

26-май күни мәмлекет басшылары биргеликте “Жаңа Өзбекстан” паркине барды, Россия басшысы Мустақиллик монументине гүл қойды.

27-май күни қысқа ҳәм кеңейтилген қурамда жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болып өтти, олардың даўамында Президентлер еки тәреплеме күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди ҳәр тәреплеме додалады, делегациялар ағзаларының тийкарғы бағдарлар бойынша есабатларын тыңлады, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысты.

Мәмлекет басшыларының Биргеликтеги баянатына қол қойылды, еки дос мәмлекет  халықларының  мәпине хызмет ететуғын, өз-ара бирге ислесиўде жаңа бет ашатуғын ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық ҳүжжетлер алмасылды.

Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Владимир Путин Жеңис паркине барып, “ Мәртлик гимни ” монументине гүл қойды ҳәм Өзбекстанның Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңиске қосқан үлеси ҳаққында сөз етиўши музей менен танысты.

Сол күни Президентлердиң басшылығында Өзбекстан ҳәм Россия аймақлары кеңесиниң биринши  мәжилиси  болып өтти, онда аймақлараралық байланысты және де беккемлеў ҳәм оны жаңа әмелий мазмун менен байытыў бойынша тийкарғы бағдарлар белгилеп алынды.

Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, Россия  Президентиниң бул сапарын ҳақылы түрде тарийхий деп атап өтиўимиз мүмкин. Бул сапар етиў мәмлекетлеримиз арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларында  жаңа басқышты баслап береди.

Сапар илажлары жуўмағында, Ташкент  халықаралық аэропортында Президент Владимир Путинди Президент Шавкат Мирзиёев шығарып салды..



                                                                                                       ӨзА