Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов Конгрес орайы залында Башқуртстан Республикасы басшысы Радий Хабиров басшылығындағы Башқуртстан Республикасы ўәкиллерин қабыллады.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимиз экономикакасын беккемлеў, сырт мәмлекетлер менен саўда-экономика, инвестициялық бирге ислесиўлерди кеңейтиў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы аймақлары менен өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, Қарақалпақстанда жумыс алып барып атырған кәрханалар менен Россия мәмлекетиниң бирге ислесиўши кәрханалары арасында 2023-2024-жыллар даўамында сыртқы саўда айланысы 129,6 миллион долларға жетти.

Саўда шериклиги бойынша полиэтилен гранулалары, ийирилген жип ҳәм таяр трикотаж өнимлери, вермикулит өнимлери, мийўе-палыз өнимлери, басқа түрдеги санаат өнимлери ҳәм хызметлер бағдарында бирге ислесиўлер алып барылмақта

Буннан тысқары, еки республиканың қала ҳәм районлары арасында бирге ислесиўлерди раўажландырыў, нефть-газ бойынша компаниялар арасында бирге ислесиўди жолға қойыў, Қарақалпақстан халқы ушын биринши дәрежели азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў бағдарында Башқуртстан аймағында бийдай, картошка ҳәм басқа да егинлерди егиў, соның менен бирге, усы республика аймағында Қарақалпақстанда жетистирилген өнимлер ушын саўда орнын ашыў ҳәм бул аймақ арқалы Россия Федерациясына Қарақалпақстанда жетистирилген мийўе-палыз өнимлери экспортын еле де арттырыў, Қарақалпақстанда биргеликте Технопарк шөлкемлестириў бойынша сөйлесиўлер алып барылды.

Сөйлесиўлер жуўмағында Қарақалпақстан ҳәм Башқуртстан Республикалары арасында көп тәреплемели бирге ислесиўлер бағдарында бир қатар әҳмийетли келисимлерге ерисилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги