Мүнәсибет
1992-жылдыӊ 20-март сәнеси Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы нәтийжели ҳәм өз-ара пайдалы байланыслардыӊ раўажланыўында әҳмийетли болып есапланады. Себеби, бүгинги күни Россия Өзбекстанды еркин мәмлекет ретинде тән алған. Өткен 32 жыллық ўақыт даўамында дипломатиялық қатнасықлар және де кеӊейип жаӊа басқышқа көтерилип барды.
Атап айтқанда, 2004-жылы 16-июньда Стратегиялық бирге ислесиў, 2005-жылы 14-ноябрьда Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққында шәртнамалар дүзилди. 2012-жылы 4-июньда болса Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы арасында Стратегиялық бирге ислесиўди тереӊлестириў ҳаққындағы декларация қабыл етилген.
Кейинги жыллары әмелге асырылған жоқары дәрежедеги 20 ға шамалас өз-ара сапарлар болса дерлик барлық тараўларда нәтийжели мәмлекетлераралық байланысты сезилерли дәрежеде жеделлестириў имканиятын бергенлиги менен және де әҳмийетли болып табылады.
Ҳәзирги күнде Өзбекстан ҳәм Россия арасында еки тәреплеме ҳәм көп тәреплеме форматтағы бирге ислесиўдиӊ әҳмийетли ҳәм тийкарғы тәреплери бойынша Ҳүкиметлераралық, Парламентлераралық турақлы мәсләҳәтлесиўлер өткерилип келинбекте. Соныӊ менен бирге, Өзбекстан ҳәм Россия БМШ, ҒМДА, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа глобал ҳәм регионаллық структруралар шеӊберинде тығыз бирге ислеседи ҳәм бир-бириниӊ басламаларын жедел қоллап-қуўатлайды.
Еки мәмлекет арасындағы жедел бирге ислесиўдиӊ және бир әҳмийетли буўыны бул саўда-экономикалық бирге ислесиў байланысларыныӊ жедел раўажланғаны болып табылады. Өзбекстанныӊ Россия менен саўдасы еки ҳәм көп тәреплемели келисимлерге муўапық еркин саўда режиминде әмелге асырылып келинбекте. Ақырғы 7 жылда өз-ара товар алмасыў көлеми 2,5 есеге артты. Атап айтқанда, 2017-жылы 4,73 миллиард долларды қураған болса, 2023-жылдыӊ ақырына келип өз-ара товар алмасыў көлеми дерлик 10 миллиард долларға жетти. Быйылғы жылдыӊ январь-апрель айларында бул көрсеткиш 3,8 миллиард долларға жетип, 30 проценттен аслам өсимге ерисилди.
Бүгинги күнде Өзбекстанда Россия капиталы қатнасыўындағы 3000 нан аслам кәрхана жумыс алып бармақта. Соӊғы жыллары таў-кән, металлургия, жанар май-энергетика, химия, аўыл хожалығы, машина қурылысы, тоқымашылық ҳәм басқа тараўларда 100 ден аслам ири биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылды.
Усы сыяқлы унамлы көрсеткишлерге ерисиўде еки мәмлекет басшылары арасында орнатылған исенимли ҳәм дослық руўхындағы байланыслардыӊ орны әҳмийетли, әлбетте.
Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниӊ Өзбекстанға гезектеги сапары ҳәм сапар шеӊберинде ерисилген нәтийжелер болса еки мәмлекет исбилермен топарлары ҳәм жетекши экономикалық структуралары арасында тиккелей байланысларды және де раўажландырыў, саўда-экономикалық, мәдений, гуманитарлық тараўлардығы бирге ислесиў байланысларыныӊ жаӊа басқышқа көтерилиўинде үлкен әҳмийетке ийе.
Атап айтқанда, мәмлекет жетекшилери арасында болып өткен тар шеӊбердеги ушырасыўда Өзбекстан–Россия кеӊ көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм тереӊлестириў мәселелерине айрықша тоқталып өтилди. Сондай-ақ, аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў, жетекши кәрханалардыӊ биргеликтеги жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде Биргеликтеги инвестиция платформасын иске қосыўға келисилди.
Рәсмий делегациялардыӊ қатнасыўында кеӊейтилген қурамда өткерилген сөйлесиўлер даўамында өз-ара сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардығы байланысларды және де раўажландырыў ҳәм тереӊлестириў, буныӊ ушын парламентлер, ҳүкиметлер, министрликлер, уйымлар, аймақлар, жәмийетшилик, экспертлер ҳәм исбилермен топарлар дәрежесиндеги жедел байланысларды избе-из даўам еттириўге келисип алынды. Атап айтқанда, нәтийжели сөйлесиўлер жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин Биргеликтеги билдириўге қол қойды.
Соныӊ менен бирге, мәмлекет басшылары жанында Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы бирге ислесиўиниӊ әҳмийетли бағдарларында бирге ислесиўди кеӊейтиў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер режеси, 2024-2026-жылларға мөлшерленген мәденият атарўында бирге ислесиў бағдарламасы, Жоқары билимлендириў, Аўыл хожалығы, Денсаўлықты сақлаў министрликлери арасында бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў, санаат кооперациясын кеӊейтиў ҳәм Өзбекстанда кем қуўатлы атом электр станциясын қурыў бойынша бирге ислесиў ҳаққындағы еки тәреплеме келисимлерге ерисилди.
Улыўма алғанда, жоқары нәтийжелиликке ийе болған ушырасыўлар жуўмағында да билиў мүмкин, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниӊ Өзбекстанға гезектеги мәмлекетлик сапары да еки тәреплеме дослық, кеӊ көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеўге хызмет етиўи, мәмлекетлераралық бирге ислесиў тарийхында жаӊа бет ашыўына үлес қосқаны менен және де әҳмийетли болып табылады.
Музафара АБДИЕВА,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты.
ӨзА