Өзбекстан 2021-жыл 1-ноябрьде Уллы Британияның Кеңейтилген преференциялар Бас системасы (GSP) ағзалығына рәсмий қабыл етилди.
Усы мүнәсибет пенен 22-ноябрь күни мәмлекетимиздиң системаға қосылыўына бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.
Усы илаж Уллы Британияның мәмлекетимиздеги елшиханасы ҳәм Өзбекстан Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте өткерилди.
Патшайымның Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азия бойынша саўда комиссары Кенан Полео брифингте қатнасыў мақсетинде Өзбектсанға биринши рәсмий сапары менен келди. Ол Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Сардор Умурзоқов пенен ушырасты.
Кеңейтилген GSP системасы бенефициары статусы берилиўиниң себеплеринен бири Өзбекстан инсан ҳуқықлары, мийнет стандартлары, қоршаған орталық ҳәм нәтийжели басқарыў тараўындағы 27 тийкарғы халықаралық конвенцияны табыслы ратификациялағаны болды.
Мәмлекетимиз бул системаға қосылған биринши мәмлекет есапланады. Өзбекстанда ислеп шығарылған 7 мың 800 ден аслам товарларға улыўма импорт бажы төлеми жоқ екенлигин инабатқа алған ҳалда, еки мәмлекет те өз-ара саўда қатнасықларын кеңейтиў тәрепдары болып есапланады.
Атап өтилиўинше, GSP системасы Өзбекстанға улыўма баҳасы 437 миллиард фунт стерлингтен аслам дүньяның бесинши ең ири экономикасын ҳәм жекетши халықаралық тутыныў ҳәм усақлап сатыў базарына кириў имканиятын береди.
Уллы Британия ушын болса бул регионаллық орай болып хызмет ететуғын ҳәм регионның ең раўажланып атырған базарына кириўди аңсатластырады. Сондай-ақ, Өзбекстанның айрықша тоқымашылық, аўыл хожалығы ҳәм басқа да түрли өнимлерине жол ашады.
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның хабаршысы