Өзбекстан Көркем-өнер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Көргизбелер сарайында «Алтын гүз» атамасындағы көргизбе ашылды.
Онда 11 художниктиң 60 тан аслам живописьлик дөретпелери орын алған болып, устазлар менен бир қатарда жас художниклердиң де натюрморт ҳәм пейзаж жанрларындағы шығармалары тамашагөйлердиң нәзерине усынылмақта.
Көргизбени шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – художниклеримиздиң дөретиўшилик жумыслары арқалы үлкемиздиң гөззал тәбиятын ҳәм жыл мәўсиминиң реңлерге ҳәм жемислерге бай болған гүз паслын жырлаў, халқымыздың байлығын жырлаўшы шығармалар менен кеңнен танысыў, сүўретлеў өнери шығармалары жәрдеминде тәбиятымыз гөззаллығынан заўықланыў, унамлы тәсирлер алыў, көп миллетли халқымызды гөззаллық дүньясына шағырыў болып табылады.
Көргизбе өзиниң атамасына сай үлкемиздеги гүз келбетин сүўретлеўши, тәбиятымыздың шырайлы рәңбәрең дөнип турған келбети көздиң жаўын алғандай жарқын көринислердеги тәбият саўғалары – гүзде атызларда, бағларда уўылжып писип жетилискен дийханларымыз, бағманларымыз мийнетинен дөреген мийўе-палыз жемислер – бәршеси художниклердиң нәзеринен шетлеп өтпеген.
Қатнасыўшылар арасында халқымызға белгили художниклер Өзбекстан көркем-өнер академиясының ҳақыйқый ағзасы, академик, Қарақалпақстан халық художниги С.Байбосиновтың «Алтын гүз», «Толқынланған Арал», «Алтын түн», «Жағымлы күн», Всилий Джапаровтың «Аўылым», «Аўылда гүз», «Натюрморт, Чай ишиў», Тимур Сулаймановтың «Гүз», «Қуяшлы күн», «Канал жағасында», Мурат Жаримбетовтың «Қуяшлы октябрь», «Гүзги илҳамлар», «Жаслық дәўраны», Полатжан Абдиреймовтың «Алтын гүз», «Тандырлы пейзаж», «Космос» лагер бағы сыяқлы шығармалары орын алған. Көргизбеде студент жаслар да өзлериниң қоршаған тәбият, турмысымыз тынышлығы, абаданлығы, гүз мәўсиминиң ҳәр бир сәнесиниң гөзаллығын сәўлелендиретуғын картиналары менен қатнаспақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги