Ташкент қаласында қылышпазлық бойынша жаслар арасында болып өткен Жәҳән кубогы өз жуўмағына жетти. Қызлар арасында сабля бағдары бойынша өткерилген командалық жарыста Өзбекстан сайланды командасы 1-орынды ийеледи. Бул ҳаққында Өзбекстан Миллий Олимпия комитети хабар берди.

Қуўанышлысы, сайланды команда қурамында Қарақалпақстан Республикасынан еки спортшы қыз – Зайнаб Дайыбекова ҳәм Гүлистан Пердебаева тийкарғы қурамда түсип, Жәҳән кубогының алтын медалын қолға киргизиўде мүнәсип үлеслерин қосты.

Дәслеп Египет командасын 45:21 есабында жеңип шыққан қызларымыз ярым финалда болгариялы қарсыласларын 45:36 есабында жеңди. Финалда күтилгениндей Өзбекстан ҳәм Россия жаслары алтын медальлар ушын жарысқа түсти. Кескин ҳәм қызғын өткен жарыста қызларымыз 45:36 есабында жеңиске ерисип, Жәҳән кубогының алтын медальларын қолға киргизди.

Өзбекстан сайланды командасы қурамында Самира Шокирова ҳәм Венера Исмоиловалар да қатнасты.

Еслетип өтемиз, Ташкентте жаслар арасында өткерилген Жәҳән кубогы жарысының жекелик беллесиўлеринде жерлесимиз Зайнаб Дайыбекова жеңимпазлықты қолға киргизип, екинши мәрте Жәҳән кубогы жарысларында теңсиз болғаны ҳаққында алдын хабар берген едик.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.