Азия Паралимпия комитетиниң президенти Мажид Рашидтиң мәлим етиўинше, жаслар арасында 2025-жылғы Параазия ойынлары Ташкент қаласында өткерилетуғын болды.
Бул жарысты қабыл етиў ушын континентимиздиң бир неше жетекши мәмлекетлери даўагерлик еткен еди. Жуўмағында Азия Паралимпия комитети Ташкент қаласы кандидатурасын қоллап-қуўатлады.
Дыққатқа ылайықлы тәрепи, 2025-жылы Ташкент қаласы жанындағы Олимпия қаласында жаслар арасында IV Азия ойынлары өткериледи. Усы ўақытқа шекем ҳеш бир мәмлекетте жаслар арасындағы Азия ҳәм Параазия ойынлары избе-из өткерилмеген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.