Халықаралық ЮНЕСКО шөлкеми дүньяда тынышлық, динлер ҳәм конфессиялар аралық байланысларды орнатыў, миллетлер ҳәм халықлар арасында бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарында бир неше жумысларды әмелге асырып, халықлар арасындағы кеңпейиллик бойынша 70 ден аслам халықаралық ҳүжжетлерди қабыл еткен.
Олардың бири сыпатында 1995-жыл 16-ноябрьде Париж қаласында өткерилген ЮНЕСКО Бас конференциясының 28-сессиясында жәрияланған «Кеңпейиллик принциплери декларациясы»н атап өтиў орынлы. Ҳәзирги ўақытта бул күн дүнья жүзинде «Халықаралық кеңпейиллик күни» сыпатында кең түрде белгиленеди.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында усы сәне мүнәсибети менен болып өткен көркем-әдебий кешеде сөзге шыққанлар жыйналғанларды қутлықлап, ҳәзирги ўақытта елимиздиң тынышлығы, халқымыздың парахатшылығы, абадан турмысын тәмийинлеў, диний кеңпейиллик, миллетлер аралық дослықты беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында атап өтти.
Президентимиз басшылығындағы елимизди раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында да миллетлер аралық татыўлық, кеңпейиллик сыяқлы улыўма инсаныйлық қәдириятлар улығланғанлығы бул бағдарда мәмлекетимиздеги халықлардың дослығы ҳәм бирадарлығын айқын көрсетпекте.
Ҳәзирги ўақытта институтта 10 нан аслам миллет ўәкиллери оқып атырған болып, халықлар, миллетлер арасындағы дослық орталығын беккемлеўде алып барылып атырған жумыслар ҳаққында айрықша атап өтилди.
Кеше институттың қәбилетли студент жасларының атқарыўындағы дослық, бирадарлықты жырлайтуғын қосық ҳәм аяқ-ойынлар орын алған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Автордың түсирген фотолары.