Кең жайлаўлар ҳәм басқа да қолайлы шараятларға ийе болғанлықтан республикамызда шарўашылықты раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Соңғы жылларда Президентимиздиң басламасы менен бул бағдарда бир қатар көлемли илажлар әмелге асырылды.

Буған мысал ретинде, республикамыздағы нәсилли шарўа малларының бас санын көбейтиў мақсетинде 13 жыл (2006-2019-жыллар) даўамында сырт еллерден 4298 бас нәсилли шарўа маллары алып келинген болса, Ҳүкиметимиз тәрепинен жаратылған имканиятлар ҳәм жеңилликлер нәтийжесинде 2020-жылдың өзинде 5643 бас нәсилли қарамал ҳәм 2458 қой-ешкилер алып келингенлигин атап өтсек қәтелеспеймиз. Усының өзинен-ақ, тараўды раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың көлемин көз алдымызға келтире аламыз.

 Биз «Шарўанәсил» орайының директоры Қ.Пирназаров пенен сәўбетлесип, шарўашылықты раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, алдағы режелер бойынша қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

– Республикамызда шарўашылық тараўын раўажландырыўда биринши гезекте нелерге итибар қаратылмақтаЎ Қандай илажлар әмелге асырылмақта ҳәм дәслепки нәтийжелери қандай?

– Бүгинги күнде шарўашылық пенен шуғылланатуғын хожалықлар көп муғдарда гөш ҳәм сүт беретуғын нәсилли шарўа малларының әҳмийетин, олардың экономикалық жақтан пайдалы тәреплериниң көп екенлигин түсинип жетти. Бул бағдардағы жумысларға мәмлекетлик дәрежеде үлкен әҳмийет қаратылмақта.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 11-марттағы «Республикада 2021-жылда шарўашылық тармақларын раўажландырыў, нәсилшилик жумыслары ҳәм ветеринариялық хызметлерди көрсетиўди және де жетилистириў, азықлық базасын беккемлеў, шарўа малларының өнимдарлығын арттырыў ҳәм шарўашылық өнимлерин санаат усылында ислеп шығарыўды көбейтиў ҳаққында»ғы мәжилис протоколында көрсетилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Быйылғы жылда сырт еллерден 4000 бас нәсилли қара мал алып келиниўи режелестирилип, усы күнге шекем 2186 бас  «Симментал», «Голштин», «Қазақы ақбас», «Абердин-ангус», «Герефорд», «Монбелъярд», «Жерси» ҳәм «Лимузин» нәсилли қара мал, 1951 бас «Едилбай», «Хиссари», «Меренос» ҳәм «Суфолок» нәсилли қойлар алып келинип, бағып-тәрбиялаў жумыслары жолға қойылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-марттағы «Шарўашылық тармақларын мәмлекет тәрепинен және де қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары ҳәм Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарларына муўапық, 2020-жылда жәми 47 субъектке 2387 бас нәсилли қара мал алыўы ушын 4 миллиард 47 миллион 600 мың сумлық субсидиялар берилди. Соннан, мәмлекет тәрепинен 45 субъектке сырт мәмлекетлерден алып келинген 1933 бас нәсилли қара мал ушын 3 миллиард 866 миллион, 2 субъектке 454 бас нәсилли қой-ешки алыўы ушын 186 миллион 600 мың сумлық субсидиялар ажыратылды.

Ал, 2021-жылы жәми 31 субъектке 2195 бас шарўа малларын алыўы ушын 2 миллиард 519 миллион 4 мың сумлық субсидиялар берилген болып, соннан, мәмлекет тәрепинен 23 хожалыққа сырт мәмлекетлерден алып келинген 916 бас нәсилли қара малы ушын 1 миллиард 832 миллион, 4 субъектке 986 бас нәсилли қой-ешки алыўы ушын 394 миллион 400 мың сумлық мәмлекетлик субсидиялар ажыратылды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 19-февральдағы «Нәсилшилик хожалықлары статусын бериў тәртиби бойынша режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 2020-жылы 39, быйылғы жылы усы күнге шекем  26 хожалыққа нәсилшилик статусы берилип, нәсилшилик хожалықларының саны  109ға жетти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-марттағы «Шарўашылық тармақларын мәмлекет тәрепинен және де қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 2021-жыл 1-январьдан баслап 2024-жыл 1-январьға шекем нәсилшилик субъектлери ушын олардың тийкарғы жумыс түри бойынша салығы (коммерциялық банклердеги қаржыларынан алынған процентлерден басқа) мүлк салығы, жер салығы ҳәм суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық ставкасы 50 процент муғдарында жеңилликлер берилди.

  • Шарўашылық пенен шуғылланатуғын хожалықларға шарўа малларының азықлық базасын жаратыў ушын жер ажыратыў ҳәм басқа да усыған байланыслы мәселелерди шешиў ушын қандай қолайлықлар жаратылған?
  • Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-ноябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен Бозатаў, Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Қоңырат районларын шарўашылыққа қәнигелестирилген районларға айландырыў белгилеп алынған еди.

Усы районларда қара мал ҳәм қой-ешкилерди санаат усылында, сондай-ақ, жайлаў ҳәм пишенликлерге жайып бағыў, шарўа маллары ушын азықлық от-жем таярлаў, шарўашылық өнимлерин қайта ислеўге байланыслы жойбарларды әмелге асырыў ушын жойбар басламашылары болған жәми 135 исбилерменлик субъектине комиссия тәрепинен жәми 6 мың 621 гектарлық егислик жер ҳәм 17 мың 711 гектарлық жайлаў жерлерин ажыратыў белгиленди. Соннан, 128 исбилерменлик субъектине 10 мың 443 гектарлық егислик жер ҳәм 15 мың 70 гектарлық жайлаў жер майданлары район ҳәкимликлери тәрепинен ажыратылды.

Шарўашылықты жедел раўажландырыў бойынша комиссияның тийкарғы ўазыйпаларын өз ўақтында орынлаў ушын, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2019-жыл 8-ноябрьдеги 362-санлы қарары қабыл етилип, Қарақалпақстан Республикасында шарўашылықты раўажландырыўға байланыслы илажлар режеси, сондай-ақ, Министрлер Кеңеси Баслығының басшылығындағы арнаўлы штаб шөлкемлестирилди. Ҳәр ҳәптениң жума күни шарўашылық мәселелерин Шарўашылықты жедел раўажландырыў бойынша комиссия тәрепинен додалап барыў жолға қойылды.

Шарўашылық бирлеспеси, коммерциялық банклер тәрепинен 8 түрдеги буклетлер таярланып фермерлерге, исбилерменлик субъектлерине ҳәм халыққа тарқатылды. Сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары арқалы турақлы түрде арнаўлы көрсетиўлер, еситтириўлер, мақалалар берилип барылмақта.

Тараўға шарўашылық пенен шуғылланыўды қәлеўши потенциал инвесторлар тартылмақта.

Бүгинги күнде Қоңырат районындағы шарўашылық кооперацияларының ҳәр биринде 100 бас қара мал ушын мөлшерленген 7 шарўашылық комплекси, жумысшылар ушын еки қабатлы 9 үлги жай ҳәм 1 силос майданшасының қурылыс жумыслары тамамланды. Ҳәзирги ўақытта «Әндижан-Қоңырат шарўасы» ЖШЖ 62 бас ҳәм «Әндижан-Нөкис шарўасы» ЖШЖға 62 бас «Симментал» ҳәм «Швиц» нәсилли қара маллар алып келинип, оларды бағыў жолға қойылды. Соның менен бирге, шарўашылық комплекслерин қурыў жумыслары Бозатаў районындағы «Агробизнес Бозатаў», Тахтакөпир районындағы «Сейит шарўа», Мойнақ районындағы «Мойнақ келешек жаратыўшылары» ҳәм Хожели районындағы «Ғафур “улом шарўа» жәмийетлери тәрепинен де әмелге асырылды.

Нәсилли шарўа малларын ҳәм технологияларын жеткерип бериўшилер туўралы мағлыўматларды жәмлеў, жойбар басламашыларының олар менен өз-ара нәтийжели байланыслары жолға қойылды. Мәселен, «Телеграмм» социаллық тармағында «Қорақалпоқ чорвадорлари» атамасында арнаўлы топар шөлкемлестирилди. Ҳәзирги ўақытта онда 323 ағза болып, олардың 300ге шамаласы шарўалар болып есапланады.

2021-жылдың 1-ноябрь ҳалатына, жәми баҳасы 342 миллиард 264 миллион сумлық (соннан, 237 миллиард 479 миллион сум банк кредити есабынан) 186 жойбар толық иске түсирилди.

Әмелге асырылған жойбарлардың есабынан 7531 бас қара мал, 3808 қой-ешки, 30 түйе, 5000 қус түрлери, 960 қоян, 91 пал ҳәрре қутылары алынып, сақлаў жолға қойылып, 977 жаңа жумыс орынлары жаратылды.

 

 

Соның менен бирге, Комиссияның 2021-жыл 31-июльдеги 19-санлы мәжилис протоколы менен 2021-2025-жылларда әмелге асырылатуғын жойбарлардың мәнзилли дизимлери қәлиплестирилди.

Бүгинги күнде быйыл әмелге асырылыўы режелестирилген жәми баҳасы 194 миллиард 206 миллион сумлық 60 жойбардан әмелде 101 миллиард 758 миллион сумлық 34 жойбар әмелге асырылды. Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

– Тараўда кадрлар таярлаў, оларға заманагөй технологиялар менен ислесиўди үйретиў, фермерлердиң ҳәзирги заман талаплары бойынша бәсекиге шыдамлы өнимлерди таярлаўы ушын билим ҳәм тәжирийбелерин арттырыў мақсетинде қандай жумыслар әмелге асырылмақта?

– Дурыс, шарўашылықты раўажландырыў ушын дүньяны айланып, ол жерлерден нәсилли шарўа малларын алып келгенимиз бенен, барлық заманагөй технологияларды тараўға енгизгенимиз бенен жумысымыз алға илгерилеп кетпейди. Әлбетте, соған ылайық жумысты алып барыўға интасы ҳәм билими болған кадрлар да керек. Себеби, нәсилли қара маллардың күтими, өзимиздиң жергиликли қара малларға салыстырғанда басқашалаў. Айрықша итибар ҳәм дыққатты талап етеди.

Әсиресе, тараўда ҳәзирги ўақытта ветеринария медицинасы бойынша жоқары мағлыўматлы кадрларға талап күшли болып турыпты.

Самарқанд Ветеринария медицинасы институтының Нөкис филиалына 2021-2022-оқыў жылы ушын Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине қабыл етиў бойынша мәмлекетлик комиссияның 2021-жыл 2-июльдеги қосымшасы бойынша ветеринария тараўында талап күшли болған аймақлар ушын мақсетли қабыллаў параметрлерине күндизги билимлендириў түри ушын жәми 82 орынға мәмлекетлик грант тийкарында қабыллаў параметри белгиленген. Атап айтқанда, ветеринария медицинасы (қара маллардың кеселликлери) 54 орын ажыратылған болып, 27 си өзбек, 27 си қарақалпақ тилинде билим алатуғын студентлердиң есабына туўра келеди. Бул параметрлерде зооинженерия (түрлери бойынша) билимлендириў бағдары ушын 28 орын белгиленген. Бундағы 14 орын өзбек, 14 орын қарақалпақ тилиндеги топарларды қурайды.

Филиалда усы билимлендириў бағдарларына быйыл күндизги билимлендириў түри бойынша 82 орынға 90 студент қабыл етилген. Солардың арасынан шарўашылығы раўажланған Тахтакөпир районынан 4, Бозатаў районынан 6, Қоңырат районынан 2, Мойнақ районынан 4 студент оқып атыр. Сондай-ақ, 2019-жылы усы филиал жанынан Ветеринария техникумы да шөлкемлестирилди. Ветеринария техникумының оқыў мүддети еки жыл болып, жәми 330 оқыўшыны оқыўға қабыллаў режелестирилген. Соннан 59 ы мәмлекетлик грант тийкарында қабыл етиледи. Бул техникумға 2020-жылы август-сентябрь айларында 263 абитуриент ҳүжжет тапсырып, 177си оқыўға қабыл етилди. Олар быйыл 1-январьдан баслап оқыўын баслады. Быйыл 305 абитуриент тәрепинен ҳүжжетлер тапсырылды. Бул илажлар республикамызда жетиспей атырған ветеринария тараўы бойынша қәнигелерди таярлаўға оғада үлкен мүмкиншилик жаратпақта. Тийкарғысы олар келешекте тараўға заманға сай билимлери менен келеди.

Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлигиниң есабынан, жәми 13, соннан, республикамыздан 10 шарўа ҳәм тараўдағы жуўапкер қәнигелер тәжирийбе алмасыў мақсетинде Германияда оқыў-танысыў сапарында болып келди.

Шарўа малларының азықлық базасын жетистириўге илимий жақтан қатнас жасаў да заман талабы болып турыпты. Өзбекстан Республикасы Пиллешилик ҳәм жүн санаатын раўажландырыў комитетиниң 2021-жыл 9-августтағы арнаўлы буйрығы менен  Бухара шөл жайлаў азықлыққа мөлшерленген өсимликлер туқымгершилиги илимий-өндирислик орайының Тахтакөпир районлық филиалы шөлкемлестирилип, оған 200 гектар жер майданлары ажыратып берилди. Филиал ҳәзирги ўақытта райондағы «Мүлк» АПЖдағы «Қаракөлшилик илимий нәсилшилик тәжирийбе станциясы»ның имаратында жайластырылып, 8 адам жумыс пенен тәмийинленди.

Ҳәзирги күнде филиал тәрепинен азықлыққа мөлшерленген өсимликлердиң туқымлары ҳәм жайлаў шөл өсимликлериниң туқымлары жыйнап алынбақта ҳәм қыста егиўге таярланбақта. Нәтийжеде, әсте-ақырынлық пенен жайлаў жер майданларын басқышпа-басқыш деградациядан шығарыўға ерисиледи.

Буннан басқа, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы «Туқымгершиликти раўажландырыў орайы» мәмлекетлик кәрханасының 2019-жыл 15-октябрьдеги арнаўлы буйрығы менен «Тахтакөпир азықлық егинлери элита туқымгершилик хожалығы» ЖШЖ шөлкемлестирилди. Усы хожалыққа Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң тийисли қарары менен 218,5 гектар егислик жер майданлары ажыратып берилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен шарўашылыққа қәнигелестирилген Тахтакөпир районына 1 медициналық ветеринариялық үскенелер менен тәмийинленген «Дамас» мобиль автомашинасы ажыратып берилип, ҳайўанлар кеселликлериниң диагнозы ҳәм азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлиги мәмлекетлик орайынан 2 штат бирлиги есабынан, 2 ветеринар шыпакер штатынан ибарат мобиль топар шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2021-жыл 16-июльдеги 409-санлы Президиум қарары менен шарўашылыққа қәнигелестирилген районлардың ҳәр биринде еки ветеринария участкаларын шөлкемлестириў бойынша, жәми 1 миллиард 9,7 миллион сум, соннан, республика бюджетинен 504,9  миллион сум, шарўашылыққа қәнигелестирилген районлардың ҳәр бириниң жергиликли бюджетинен 126,2 миллион сум қаржы ажыратылыўы белгилеп берилди. Бүгинги күнде республика бюджетинен, Қоңырат, Мойнақ районларының жергиликли бюджетлеринен белгиленген сумма ажыратылыўы нәтийжесинде Қоңырат ҳәм Мойнақ районларында екеўден, Тахтакөпир районында бир жаңа ветеринария участкалары шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 3-июльдеги «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары менен тараўға көплеген ўазыйпалар белгилеп берилди. Усы ўазыйпалардың орынланыўы бойынша қандай жумыслар әмелге асырылмақта?

– Усы қарарда көрсетилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 6-июльдеги 192-санлы қарары қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-ноябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген жеңилликлер (шарўа малларын санаат усылында бағыў ушын суўғарылатуғын жерлер ҳәм оларды жайып бағыў ушын пишенликлер ҳәм жайлаўлар, шарўашылық комплекслери, шарўашылық өнимлерин қайта ислеў, жуғымлы от-жем таярлаў мақсетинде имаратлар қурыў ушын, аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын жер участкасы болмаған жағдайда, өнимдарлығы төмен суўғарылатуғын жер участкаларын таңлаў ҳәм аукцион өткермей турып, Комиссияның усынысы тийкарында ажыратыў, Исбилерменлик жумысларын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен бир ўақыттың өзинде компенсация менен биргеликте кепиллик те бериў) республикамыздың барлық районларында енгизилди.

Сондай-ақ, Исбилерменлик жумысларын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының компенсациясы ҳәм кепиллигинен пайдаланған республикамыздағы шарўашылық тараўындағы исбилерменлик субъетлерине, олардың кредит бойынша қарыздарлығы қапланбағанша, бурынғысынан өзгеше тәризде, қордың кепиллигинен пайдаланыўға рухсат бериў тәртиби орнатылды.

Бүгинги күнде орынларда әмелге асырылыўы режелестирилген шарўашылық жойбарларынан 183 жойбар толық иске түсирилди.

Шарўашылық өнимлерин ислеп шығарыўшылар ҳәм қайта ислеўшилер арасында кооперацияны жолға қойыў белгиленди. Буннан шаңарақлық кооперациясын атап өтсек болады. Бул  бир неше киши, орта ҳәм ири фермер хожалықлары арасында жолға қойылған биргеликтеги шериклик қатнасықлары шаңарақлық шарўашылық кооперациясының тийкарын қурайды. Олардың арасынан 2019-жылы 29-декабрьде шөлкемлестирилип басланған Қоңырат районындағы Шарўашылық кооперациясын атап өтсек болады. Қарақалпақстан тәжирийбеси тийкарында шарўашылық тараўындағы ең ири комплекстиң қурылысы басланды.

Бул шарўашылық кооперациясы тараўдағы ири комплекс болып есапланады. Ол 35,2 гектарлық жерде жайласқан болып, өзинде ҳәр биринде 100 бас, жәми 1000 бас қара малларды бағыўға мөлшерленген 12 малхана (ангар)ны, үш 500 бас малға мөлшерленген силос майданшасын, 3 сүт цехын, 1 оқыў орайын, мийманхана ҳәм басқа да объектлерди жәмлейди.

Әмелге асырылыўы нәзерде тутылған жойбарлардың 162 сине район ҳәкимлери тәрепинен 36356 гектар, соннан 9040 гектарлық егислик жер майданлары ажыратылған.

Сондай-ақ, эпизоотикалық жағдайды сақлаў ҳәм кеселлик шыққан жерге тез жетип барыўды тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен шарўашылыққа қәнигелестирилген Тахтакөпир районына 1 медициналық ветеринария үскенелери менен тәмийинленген «Дамас» мобиль автомашинасы, Бозатаў районы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлимине 1 «Нива» шевролет автомашинасы ҳәм 2 «Лифан» мототранспорт қураллары ажыратылды. Мойнақ районындағы 2 контейнерли участка заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленди.

Аралбойы гидрогеологиялық экспедициясының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, атап айтқанда, шарўа малларын жер асты суўы менен тәмийинлеў мақсетинде жаңа заманагөй гидрогеологиялық қудықларды бураўлаўға мөлшерленген еки «УРБ-25» бураўлаў үскенеси Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети тәрепинен жеткерип берилди.

Буннан басқа, қаракөлшилик тараўын және де раўажландырыў, қаракөл нәсилли қойлардың бас санын көбейтиў мақсетинде Тахтакөпир районында шөлкемлестирилген «Қаракөлшилик илимий нәсилшилик тәжирийбе станциясы»ның жумысын жолға қойыў ушын талап етилетуғын қаржылар ажыратып берилип, қаракөлшилик пенен шуғылланатуғын субъектлерден 1112 бас нәсилли элита қарақалпақ сур қаракөл қойлары сатып алынып, олардан жәми 839 бас қозы алынып, бүгинги күнде нәсилли қаракөл қойларының саны 1951 басқа жеткерилди.

Сондай-ақ, станцияға илимий-нәсилшилик жумыслары менен шуғылланыўы ушын зәрүр лаборатория үскенелери алып берилди.

 

Ә.Жиемуратов сәўбетлести,

Қарақалпақстан хабар агентлиги