Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен ӨзЛиДеПтиң шөлкемлестирилгенине 18 жыл толыўы ҳәм 11-ноябрь «Кәсиплик аўқамлары күни» мүнәсибети менен партияның белсенди ҳаял-қызлары арасында  «Ең епшил ҳәм шаққан партия гөззалы» таңлаўы шөлкемлестирилди.

Таңлаўды өткериўден мақсет – ҳаял-қызлардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, олардың шаңарақта, жәмийетте, сиясий процесслердеги белсендилигин арттырыў, сондай-ақ, ҳаял-қызларымыздың ҳәр тәреплеме шаққанлығын,  епшиллигин, қәбилетин жүзеге шығарып, ең белсенди партияның лидер қызларын анықлаўдан ибарат.

Таңлаўда тийкарынан ҳаял-қызлар «Сәлемнама», яғный өзлерин  таныстырыў, «Еркин тема», яғный өз өнерлерин көрсетиў, логикалық жақтан  билимин сынап көриў, сондай-ақ, «Аспазлық» сыяқлы үш шәрт бойынша сынақтан өткерилди.

Өз-ара кызғын беллесиўлерге бай тәризде өткерилген таңлаўда жеңимпазлар анықланып, Нөкис қаласынан Жадыра Махамбетова биринши, Шымбай районынан Айзада Байжанова екинши, Тахтакөпир районынан Гүлнара Рахманова үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен диплом ҳәм  естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги