Пайтахтымызда Словакия Республикасының Өзбекстан Республикасындағы Ҳүрметли консуллығының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Ушырасыўда Словакия Республикасының Өзбекстандағы ҳүрметли консулы Василий Шимкоға консуллық патенти тапсырылды. Атап өтилиўинше, Василий Шимко бүгинги күнде Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги жанындағы «Яшнобод» инновациялық технопаркиниң резиденти «Chirana Asia» Словакия –Россия -Өзбекстан биргеликтеги кәрханасының басшысы есапланады.
Словакия Республикасының Өзбекстандағы ҳүрметли консулы Василий Шимко Орайлық Азияда бирден-бир жәҳән стандартларына сәйкес өкпени жасалма дем алдырыў үскенелерин ислеп шығарыў заводының тийкарын салыўшысы болып есапланады.
Илажда инновациялық раўажланыў министриниң орынбасары Шаҳло Турдиқулова шығып сөйлеп, усы кәрхана әйне пандемия дәўиринде жумыс ислеп, көплеген инсанлардың жанын сақлаўға хызмет еткени ҳаққында пикир билдирди.
Бүгинги күнге келип Өзбекстанда ислеп шығарылған өпкени жасалма дем алдырыў үскенелери Ишки ислер министрлиги госпиталы, 1-санлы қалалық емлеўханасы, «ДМС» клиникасы ҳәм басқа да емлеўханаларда орнатылған болып, олардан 10 мың сааттан аслам пайдаланылды ҳәм олар өз нәтийжесин көрсетип үлгерди.
«Chirana Asia» заводының оқыў орайында ҳәр айда Өзбестанның белгили реаниматолог-анестезиологлары ҳәм заводтың жетекши қәнигелери тәрепинен өндирис үскенелери ҳәм имканиятлары менен танысыў бойынша әмелий оқыў семинарлары өткерилип келинбекте. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Өзбекстан Фармацевтика санаатын раўажландырыў агентлиги жәрдеминде Өзбекстанға жоқары Европа технологияларын алып келмекте. Кәрхана, сондай-ақ, көплеген қайырқомлық илажларында қатнасады, түрли медицина мәкемелерине, майыплығы болған балаларға, урыс қатнасыўшыларына жәрдем береди.
«Яшнобод» инновациялық технопарк резиденти Словакия Республикасының Өзбекстандағы ҳүрметли консулы етип тайынланыўы Словакия Республикасы ҳүкимети ҳәм Өзбекстан Республикасы арасындағы мәденият ҳәм билимлендириў тараўлары менен бир қатарда сиясат, инвестиция ҳәм экономика тараўларында да жедел байланысларды беккемлеўге хызмет етеди.
Муҳайё ТОШҚОРАЕВА,
ӨзАның хабаршысы