Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң зыянлы организмлерди прогнозластырыў ҳәм мониторинг етиў бөлими тәрепинен районларда егислик жерлердеги зыянкеслерди анықлаў бойынша мониторинг илажлары өткерилмекте.

Жақында, Хожели, Қанлыкөл ҳәм Қоңырат районларындағы пахта майданларында зыянкеслерди анықлаў ушын гүзги қазыў жумыслары алып барылды.

Мониторинг илажлары даўамында «Қоңырат пахта кластер» ЖШЖның 1,5 гектар пахта майданында гөрек курты гүмбеги ҳәм тамыр қурты личинкасы анықланған.

– Зыянлы организмлерди прогнозластырыў ҳәм мониторинг мағлыўматлары зыянкеслердиң қыслаўға кетиўи ҳәм қыслаўдан шығыўы, өткен жылдағы ҳәм усы жылдағы ҳаўа райы көрсеткишлеринен, зыянлы организмлердиң аймақларда тарқалыўы бойынша көп жыллық мағлыўматлар ҳәм басқа бир қатар факторларды есапқа алған ҳалда таярланады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң баспа сөз хаткери М.Пирниязова.

Аўыл хожалығы егинлериниң тийкарғы зыянкеслери, кеселликлери ҳәм жабайы шөплердиң раўажланыўы ҳәм тарқалыўы бойынша бақлаў-қадағалаў жумысларының өткерилиўи, олардың санын, зыян жеткериў дәрежесин есапқа алыў жумыслары, зыянлы организмлердиң пайда болыўының ҳәм тарқалыўының  болжаўларын таярлаўға жәрдем береди.

Бөлим тәрепинен Кегейли, Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир  районларында да мониторинг илажлары өткерилди.

Илаж даўамында пахта ҳәм ғәлле майданларында  топырақты қазып көриў жумыслары әмелге асырылды.

Жумысшы топар тәрепинен Тахтакөпир районындағы «Қара ой» АПЖ аймағындағы «Сүйин батыр» фермер хожалығының пахта майданлары 15-20 см. тереңликте қазылып, ҳәр бир контурдан 20 үлги алынды.

Қараөзек районындағы егислик майданы 76 гектарлық бийдай атызында, Шымбай районы «Қәдир ата» фермер хожалығының өткен жылы пахта егилген пахта атызларында және Кегейли районы «Кегейли-Шымбай агро кластер»диң 5 гектарлық пахта майданларында топырақты қазып көриў барысында тамыр қурты зыянкеси анықланды.

Фермер хожалықларының пахта яки ғәлле майданларында мониторинг илажларын алып барыўдан тийкарғы мақсет, анықланған зыянкеслерге қарап келеси жылдың өнимине зыян тийгизиўи мүмкин болған зыянкеслерди анықлаў, олардың зыянлаў дәрежесин болжаў арқалы келеси 2022-жылда аўыл хожалығы өнимлеринен сапалы ҳәм мол өним алыўдан ибарат. Бунда анықланған зыянкеслерди  жоқ етиў илажларын өз ўақтында әмелге асырыў зәрүр болады.

Аўыл хожалығы егинлериниң тийкарғы зыянкеслери, кеселликлери ҳәм жабайы шөплер раўажланыўы ҳәм тарқалыўы бойынша узақ мүддетли болжаў мағлыўматлары зыянкеслердиң қыслаўға кетиўи ҳәм қыслаўдан шығыўы, өткен жылдағы ҳәм усы жылдағы ҳаўа райы көрсеткишлеринен, зыянлы организмлердиң аймақларда тарқалыўы бойынша көп жыллық мағлыўматлар ҳәм басқа бир қатар факторларды есапқа алған ҳалда таярланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги