Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 21-октябрьдеги 03-03/1-668-санлы мәжилис протоколы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы тәрепинен тастыйықланған график тийкарында 25-октябрь 25-ноябрь күнлери аралығында республикамызда гүзги шүдигарлаў жумысларының әмелге асырылыўы режелестирилген.
Республикамыз бойынша 2022-жылдың өними ушын гүзги шүдигарлаў жумыслары алып барылатуғын майданлардың көлеми жәми 80200 гектарды қурайды. Соннан, көпшилиги Әмиўдәрья (13 мың га), Төрткүл (9250га), Беруний (9500 га), Елликқала (9600 га), Шымбай (5100 га), Кегейли (5100 га) районларына туўра келеди.
– Бир күн даўамында 530 гектардан аслам, мәўсим басынан 8 мың гектарға шамалас жер шүдигарланды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң аўыл хожалығын механизацияластырыў, техникалық модернизациялаў бөлиминиң бас қәнигеси Қайыпберген Убайдуллаев. – Шүдигарлаў жумысларын алып барыў ушын орынларда 132 отряд шөлкемлестирилген. Бир күнде 476 трактор қатнастырылып, ҳәр бир тракторға орташа 5,8 гектардан туўра келмекте.
Соның менен бирге, ҳәзирги ўақытта 2022-жылдың бәҳәрги атыз жумысларында қатнасатуғын аўыл хожалығы техникаларын оңлаўға тартыў ҳәм оңлаў жумыслары да баслап жиберилди.
Бул мәўсимде пайдаланылатуғын техникалардың айырымлары оңлаўға қойылды. Атап айтқанда, жәми 1022 шигит егиў сеялкаларның 638 (62%)и оңлаўға қойылып, бүгинги күнде олардың 87 си оңлаўдан шығарылды. Сондай-ақ, 1711 культиватордың 774 (45%)и оңлаўға тартылып, бүгинги күнде олардың 85и оңланды. Ал, 10629 тисли бороналардың 2713 (26%)и оңлаўға қойылып, олардың 255и оңлаўдан шығарылды. Сондай-ақ, темир малалардың 517 (30%)cи, бүркегишлердиң 94 (31%)ти, чизельлердиң 64 (19%)ти оңлаўға қойылып, бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.
Гүзги шүдигарлаў жумысларының оптимал мүддетлерде ҳәм сапалы әмелге асырылыўы бойынша жумыслар қызғын даўам етпекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги