Бүгинги күнге келип Қарақалпақстан Республикасы пахта жетистирип сатыў жобасында белгиленген 230 мың 750 тонна пахтадан 231 мың 80 тонна пахта жетистирип, жобаны 100,1 процентке орынлады. Бул ҳаққында ҚР Аўыл хожалығы министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Быйылғы қыйын климатлық шараятларға қарамастан, районларда жумыс алып барып атырған фермер ҳәм дийқан хожалықлары, аўыл хожалығының зәбердес хызметкерлери, 10 пахташылық-тоқымашылық кластериниң пидайы хызметкерлериниң мийнети нәтийжесинде үлкен қырман жаратылды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.