Билимлендириў сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен Өзбекстанда жумыс алып барып атырған жоқары оқыў орынлары ҳәм филиалларының 2020-жылдағы миллий рейтинги жәрияланды.

Жоқары оқыў орынлары рейтингинде улыўма 62 ЖОО арасында:

Қарақалпақ мәмлекетлик университети – 37-орын;

Қарақалпақстан медицина институты – 57-орын;

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты – 59-орынды ийелеген.

Филиаллар рейтингинде улыўма 27 ЖОО филиалы арасында:

Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалы – 4-орын;

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы – 5-орын;

Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы – 12-орын;

Самарқанд ветеринариялық медицина институты Нөкис филиалы – 15-орын;

Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалы – 16-орын;

Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы – 21-орынды ийеледи.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.