Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов Саудия Арабстаны Патшалығының мәмлекетимизге Айрықша ҳәм толық хуқықлы елшиси етип тайынланған Юсуф ал-Утайбийди қабыл етти.

Министр исеним жарлықларының нусқаларын қабыллап алар екен, елшини Өзбекстандағы жумысын баслағаны менен қутлықлады ҳәм оның жуўапкершиликли лаўазымындағы  жумысына табыслар тиледи.

Сәўбетлесиў ўақтында тәреплер турақлы сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм әмелий бирге ислесиўди, соның ишинде, сыртқы ислер министрликлери арасындағы сиясий мәсләҳәтлесиўлер және  Саўда, экономика, илим ҳәм технологиялар, мәденият, спорт ҳәм жаслар мәселелери бойынша  Ҳүкиметлераралық комиссиялардың мәжилислерин өткериў арқалы бирге ислесиўди және де раўажландырыўға өз-ара таяр екенлигин билдирди.

Энергетика, аўыл хожалығы ҳәм туризм тараўларында инвестициялық жойбарларды биргеликте әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Сәўбетлесиў ўақтында тәреплерди қызықтырған басқа да мәселелер  көрип шығылды.

 

ӨзА