Бүгин, 2-ноябрь күни Елликқала районындағы Бостан каналының шығыс тәрепиндеги 352-пикетинде қурылған ири гидротехникалық суў бөлистириўши сооружение пайдаланыўға тапсырылды. Бул сооружение арқалы Елликқала, Беруний ҳәм Төрткүл районларына тийкарғы суў бөлистириледи, деп жазбақта Елликқала районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

Илажға район ҳәкимлери, суў хожалығында сырт ел инвестициялық жойбарларын әмелге асырыў орайының жуўаплы хызметкерлери, аймақ халқы қатнасты.

Хабарда жазылыўынша, усы сооружение арқалы Елликқала районына Боғёп каналы арқалы 39 куб метр, Беруний районына 49,3 куб метр суў бөлистирилип, Бостан каналы арқалы суўғарылатуғын тийкарғы жер майданларының жетерли дәрежеде суў менен тәмийинлениўине хызмет етеди. Соның менен бирге, алдын пайдаланылып келинген Қилчиноқ ҳәм Найман-Бештам насос станцияларына талап қалмайды. Бул болса насос станцияларына мәмлекетлик бюджеттен ажыратылып атырған көп муғдардағы қаржылардың үнемлениўине тийкар жаратады.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, бул жумыслар Жәҳән банкиниң Қубла Қарақалпақстанда суўдан пайдаланыўды жақсылаў жойбары шеңберинде әмелге асырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.