Қарақалпақстан халық шайыры Толыбай Қабулов Қараөзек районындағы «Аллаяр Досназаров» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Қарабуға аўылында туўылып, кәмалға келген.

Халық депутатлары районлық Кеңеси депутатларының усынысы және Жоқарғы Кеңес Президиумының қарары менен усы аўылға Толыбай Қабулов аты берилди. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Аўылға шайырдың аты жазылған ескерткиш орнатылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.