Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы хызметкерлери арасында мини-футбол бойынша жарыс болып өтти.
Басқарма баслығының кубоги ушын кәсиплик аўқамлары комитети менен биргеликте шөлкемлестирилген жарысқа алты команда қатнасты.
Жарыс жуўмағында «Басқарма-1» командасы биринши, Қоңырат, Қанлыкөл, Шоманай, Хожели районлары бөлимлеринен қуралған команда екинши, Төрткүл, Елликқала, Беруний ҳәм Әмиўдәрья районлары бөлимлеринен қуралған команда үшинши орынларды ийеледи.
Жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери кубок, медаль, диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги