Усы жылдың 25-30-октябрь күнлери Бухара қаласында спорттың футбол түри бойынша 2007-2009-жыллар аралығында туўылған оқыўшы қызлар арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.

Чемпионатта Қарақалпақстан Республикасының «Әмиўдәрья» ҳәм «Хожа ели» командалары жақсы нәтийжелерди қолға киргизди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан футбол ассоциациясы хабар берди.

«Әмиўдәрья» командасы барлық қарсыласларын жеңип, чемпионаттың финалына шекем жетип келген болса, финалда Ташкент ўәлаятының командасынан киши – 0:1 есабында жеңилиске ушырады ҳәм чемпионаттың гүмис медальларына ийелик етти.

Чемпионатта және бир жақсы нәтийжелерге ерискен «Хожа ели» командасы болса үшинши орын ушын болған ойында Самарқанд ўәлаяты қызларына қарсы топ теўип, 2:0 есабында жеңиске еристи ҳәм бронза медалы жеңимпазы болды.

«Әмиўдәрья» командасын жарысқа бас тренер Байрам Ешимов, жәрдемши тренер Руфат Бабажанов таярлаған болса, «Хожа ели» командасын бас тренер Жалғасбай Нуржанов ҳәм жәрдемши тренер Ирода Оразбаева таярлады.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.