Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы Шоманай районы бөлими есабында бүгинги күнде 1836 аўыл хожалығы, мелиорация ҳәм жол қурылысы техникалары болып, олар район фермер хожалықларында, агросанаат тараўын раўажландырыў, жол қурылысын алып барыў ҳәм жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў, ирригация тармақларын раўажландырыў жумысларында пайдаланылмақта.
– Бөлимимиз тәрепинен быйылғы жылдың басынан берли техникаларды мәмлекетлик дизимге алыў, оларды техникалық тексериўден өткериў, тракторшы-машинист гүўалықларын бериў, техникалардың жарамлылық жағдайын қадағалаў илажлары үзликсиз түрде әмелге асырылып барылмақта,-дейди Инспекцияның Шоманай районлық бөлиминиң техникалық жағдай ҳәм агротехникалық илажларды қадағалаў аға инспекторы А.Бекназаров. – Сондай-ақ, район пуқаралары тәрепинен пайдаланылып атырған аўыл хожалығы техникаларынан өнимли пайдаланыўын жолға қойыў, қадағалаў жумыслары да әмелге асырылмақта.
Быйыл дизимге алынған 1836 техниканың 1462 сы техникалық тексериўден өткерилип, олардың техникалық жақтан сазлығы қадағалаўға алынды.
Халық арасында «Техникаң саз болмай, исиң раўаж болмас» деген сөз бар. Техникалардың сазлығы халық хожалығының барлық тараўларында да жумыс өнимдарлығын арттырады. Әсиресе, агросанаат тараўында техникалардың нәтийжели қатнастырылыўы, дийқанлардың жумысын жеңиллестирип, жердиң өнимдарлығын арттырып, табысы ҳәм дәраматының артыўына тәсирин тийгизеди.
Сонлықтан, райондағы техникаларға жуўапкер болған қәнигелердиң бийпарўалық пенен жол қойған кемшиликлери өз мүддетинде сапластырылып, айырым жағдайларда жуўапкер адамларға тийисли шаралар көрилмекте.
Техникалық тексериўден өткериў барысында комиссия тәрепинен айырым кемшиликлери анықланған техникалар оңлаў ушын қайтарылып, олар оңланғаннан кейин де қайтадан тексериўден өткерилмекте. Себеби, жарамсыз техника жумыс бабын бузып, өнимдарлығына кери тәсир етеди. Сондай-ақ, жолларда ҳәрекетлениў процесинде жол ҳәрекети қағыйдаларының бузылыўы яки авариялық жағдайларды келтирип шығарыўы мүмкин.
Жанылғы яки газ тармағында насазлық болса, өрт келип шығыўына себепши болады. Сонлықтан, бул бағдарда қатаң қадағалаў илажлары әмелге асырылады.
Техникалардың сазлығын қадағалаўда тиркемели транспорт тракторлар, жер сүриўши шынжырлы тракторлар, жап-салмаларды қазатуғын мелиоративлик техникалар толық оңланып, техникалық тексериўден өткерилиўине айрықша дыққат қаратамыз.
Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының ўазыйпасына киретуғын агротехникаларды қадағалаў жумысы тийисли нызам ҳүжжетлерине, режелерге қатаң әмел етилген ҳалда жүргизилмекте.
Сондай-ақ, пуқаралардың ийелигиндеги ески ҳүжжетсиз техникаларды дизимнен өткерип, оларды ҳүжжетлестириўди де әмелге асырып бармақтамыз. Бурыннан пайдаланылып киятырған техникалардың ески усылдағы техникалық паспортын, техника басқарыўшыларының гүўалығын жаңа усылдағы паспортқа ҳәм пластикалық формадағы гүўалыққа өзгертип, жаңасын бериў жумыслары тийисли төлемлер тийкарында әмелге асырылмақта.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги