Быйылғы жылдың 9 айы даўамында Өзбекстан кǝсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 7-февральдағы «Ишки туризмди жедел раўажландырыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған «Өзбекстан бойлап саяхат ет!» ишки туризмди раўажландырыў бағдарламасын әмелге асырыў бойынша байрамларда және басқа да дем алыс күнлеринде тарийхый қалаларға 2442 ҳәм республикамыздағы дыққатқа ылайықлы орынларға 4057, жәми 6499 (соннан, жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы 72 ҳаял-қыздың ҳәм 60 ветеранның) жумысшының ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының саяхатларын шөлкемлестирген.
Саяхатларға кәсиплик аўқамлары тәрепинен жәми 399 млн. 200 мың сум жумсалған (соннан, кәсиплик аўқамлары-386 млн. 200 мың, жумыс бериўшилер-13 млн. сум).
Сондай-ақ, усы жылдың 9 айы даўамында, жәми 5665 жумысшының театрларға, 81 жумысшының музейлерге, 1062 жумысшының перзентлериниң Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрына ҳәм 88 перзентиниң И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине барыўы шөлкемлестирилген. Бул мақсетлер ушын 60 млн. 500 мың сум жумсалған.
– Тараўлық кәсиплик аўқамлары шөлкемлери тәрепинен 1150 мийнет жәмәәтлеринде «Мәнаўият саатлары» өткерилип, бунда жәми 45 мыңнан аслам хызметкерлер қатнасты,-дейди Өзбекстан кǝсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң бөлим баслығы Г.Тилепов. – Республикамыз аймағында быйыл жаз мәўсиминде 11 стационар түрдеги орайларда 6816 бала (соннан, кәсиплик аўқамлары есабынан 2662 бала, «Меҳрибанлық үйи»ниң 90 тәрбияланыўшысы және бағыўшысын жоғалтқан ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлардың 2369 перзентлери, ҳәкимликлер есабынан 1695 бала, мәденият ҳәм спорт саўалландырыў майданшаларынан 16750 бала қамтып алынып, жәми 23556 бала саўалландырылды.
Кәсиплик аўқамлары тәрепинен спорт жарыслары ҳәм «Ҳаял-қызлар спартакиадасы» жарысларының кәрхана, қала ҳәм районлық басқышлары, сондай-ақ, миллий байрамлар қабатында 762 спорт жарыслары шөлкемлестирилип, оларда 25165ға шамалас хызметкерлер қатнасты. Бул жарысларды шөлкемлестириў ушын 84 млн. 500 мың сум қаржы жумсалды.
Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликтеги келисим бойынша тараўда жақсы мийнет атырған район (қала)лық халық билимлендириў бөлимлериниң бир қатар меңгериўшилери, методистлери, улыўма билим бериў мәкемелериниң директорлары Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы системасындағы санаторийларда бийпул саўалландырылды.
Ағзалық төлемлер есабынан мийнеткешлерди ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын санаторий ҳәм дем алыў үйлеринде саўалландырыўға 2021-жылдың 9 айы даўамында 1594, жәми 3 млрд. 948 млн. 59 мың 298 сумлық жолламалар алынды.
Сондай-ақ, мәдений-ағартыўшылық бағдарында да бир қатар илажлар әмелге асырылды. Атап айтқанда, жасларды киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликке кеңнен тартыў, келешекте мүнәсип жумыс орнын табыўға жәрдем бериў мақсетинде жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынлары студентлери менен оқыўшыларын «Еркин экономикалық зоналар»дағы қоспа кәрханалардың жумыслары менен таныстырыў мақсетинде Өзбекстандағы ири бизнес тараўында жумыс алып барыўшы басшылардың қатнасыўында ушырасыўлар өткерилди.
«Бес баслама – бес имканият» жойбары шеңберинде бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Кәрхана, шөлкемлерде мийнет етип атырған 600 ден аслам жумысшылар ҳәм олардың перзентлериниң театрларға барыўлары шөлкемлестирилип, бул ушын 7 млн. 800 мың сум қаржы ажыратылды.
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы, Қарақалпақ аўыл хожалығы ҳәм агротехнология институтында ислеўши жас жумысшылар менен студентлердиң республикамыздың тарийхый орынлары есапланған Аязқала, Ақшакөл, Топыраққала, Қызыл қала, Хожели районындағы Миздақхан архитектуралық комплекси, Назлымхан-сулыў зыярат етиў орынларына, Султан Ўайис баба зыяратханасы, «Бадай тоғай», И.В.Савицкий атындағы музейи, Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи, А.Шамуратов ҳәм А.Шамуратова үй музейи, Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы «Репрессия қурбанлары естелиги» музейлерине саяхатлар шөлкемлестирилди.
Мийнеткешлер арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, спорттың ғалабалағына ерисиў ҳәм мийнеткешлерди спортқа кеңнен тартыў мақсетинде кәсиплик аўқамлары комитетлери тәрепинен спорттың футбол, мини футбол, волейбол, баскетбол, шахмат-шашка, стол тенниси, дартс түрлери бойынша спорт жарыслары өткерилип, өткерилген спорт жарысларына 1743 адам қатнасты.
2021-жылдың 9 айлық жуўмағы бойынша, жәми 412 кәрханадағы 4392 жумысшы ағзалыққа алынды. Кеңес тәрепинен өткерилген оқыў-семинарларда 252 жаңадан сайланған кәсиплик аўқам кадрлары ҳәм белсендилери оқытылды. Усы оқыўларға агросанаат комплекси хызметкерлери тараўынан жыл басынан бүгинги күнге шекем 22, илим ҳәм мәденият хызметкерлери тараўынан 142, денсаўлықты сақлаў тараўынан 66, мәмлекетлик мекемелер ҳәм жәмийетлик хызмет көрсетиў хызметлери тараўынан 22 жаңадан сайланған басланғыш кәсиплик аўқам шөлкемлери баслықлары ҳәм белсендилери қатнасты.
Аралықтан оқытыў порталы арқалы тәжирийбе арттырыў курсы бойынша жәми 90 жаңадан сайланған басланғыш кәсиплик аўқамы комитети басшылары оқытылды.
2020-2021-жылларда кәсиплик аўқамлары қәржылары есабынан 1043 жаңа жумыс орны жаратылып, бул мақсетлерге 5 млрд. 749,5 млн. сум қаржы жумсалды. Атап айтқанда, 2020-жылы үй шараятында тигиўшилик, аспазлық, дийқаншылық ҳәм басқа да жумысларды орынлаў имканиятын жаратыў мақсетинде 228 ҳаял-қызға нан писиргиш, 290 тигиў машинасы ҳәм 110 ҳаял-қыздың үй әтирапына ыссыханалар қурып берилди. Жәми 628 ҳаял-қыздың үй шараятындағы бәнтлиги тәмийинленген болса, жаңадан кәрхана шөлкемлестириў, қарыз қаржы бериў арқалы ҳаял-қызларды турақлы жумыс пенен тәмийинлеў бойынша жәми 23 жойбар қаржыландырылып, «Ҳаяллар-қызлар дәптери»ндеги 415 ҳаял-қызлар жумыс пенен тәмийинленди. Бул мақсетлерге 3 млрд. 794 млн. 513 мың 600 сумлық қаржы ажыратылды.
2021-жылы усы бағдарлама бойынша 116 хаял-қызды жумыс пенен тәмийинлейтуғын 13 жойбар қаржыландырылды ҳәм бул ушын 1 млрд. 195 млн. сумлық каржы ажыратылды.
Усы жылы 26-февральда Президентимиздиң басшылығында ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәселеси бойынша видеоселектор мәжилис өткерилип, Президентимиз тәрепинен ҳаял-қызларымыздың машқалаларын шешиў бойынша кешиктириўге болмайтуғын ўазыйпалар белгилеп берилген еди.
Қарақалпақстан Республикасында «Ўақытша тәртип» тийкарында ҳәр бир район ҳәм секторлар және мәҳәлле кесиминде «Ҳаял-қызлар дәптери»ниң биринши ҳәм екинши басқышында 30 жастан асқан жәми 48491 ҳаял киргизилди.
Сораўнама нәтийжеси бойынша «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген жумыссыз, мүтәж ҳаяллардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың социаллық бейимлесиўине жәрдем бериў, психологиялық ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша барлық қала ҳәм районлардың «Жол карталары» ислеп шығылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2021-жыл 28-май күнги қарарына тийкарланып Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының “Kasaba sayr” сыңар кәрханасы «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген 2500 ҳаял-қыздың мәмлекетимиз бойлап саяхатларын шөлкемлестириў мақсетинде «Сақаўат ҳәм жәрдем» қоры тәрепинен 1,3 млрд. сум қаржы өткерилип берилди.
Усы қарар тийкарында бүгинги күнге шекем 2450 ҳаял-қыздың Бухара, Хорезм ҳәм Самарқанд ўалаятларына саяхатлары шөлкемлестирилди.
«Ҳаял-қызлар дәптери» менен ислесиўде ҳәкимликлер, сектор басшылары, орынлардағы мәҳәлле ҳәм шанарақты қоллап-қуўатлаў хызметкерлери менен биргеликте кәсиплик аўкамлары ўәкиллери де ҳәр бир районда жумыс алып барды.
Қарақалпақстан Республикасында ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиўде жаксы жумысларды жолға қойған 2 «Ҳаял-қызлар мәсләҳәт кеңеси»ниң ҳәр бири 50 млн. сумнан қаржылай хошаметленди. Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен республикамыздың Мойнақ, Тахтакөпир, Қоңырат ҳәм Қараөзек районларының шетки аўыллық жерлеринде жеңил конструкциялы «Ҳаяллар гөзаллық салоны» салынып берилди, оларда ислеўши «Ҳаял-қызлар дәптери»нде турған қызларымыз Ташкент қаласында оқытылды ҳәм жумыс пенен тәмийинленди.
«Ҳаял-қызлар дәптери»ниң тийисли басқышларында Қарақалпақстан Республикасында ҳәр бир район ҳәм секторлар кесиминде «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген дерлик барлық ҳаял-қызларға әмелий жәрдемлер көрсетилди.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги