2021-жылдың 28-октябрь күни республикамыздың барлық аймағында «Миллий сувенирлер» фестивалы болып өтеди.
Фестиваль шеңберинде өнерментлердиң көргизбе-саўдасы, танлаўы, мастер-класслар өткериледи, соның менен бирге, фольклор-этнографиялық топарлары ҳәм көркем өнер жәмәәтлериниң шығыўлары шөлкемлестириледи.
Фестивальдың рәсмий ашылыў ҳәм жабылыў мәресими Өзбекстан әмелий көркем өнер ҳәм өнерментшилик тарийхы мәмлекетлик музейинде болып өтеди.
Фестивальдың мақсет ҳәм ўазыйпалары – ишки ҳәм сыртқы туризмди жедел раўажландырыў, елимиз пуқаралары ҳәм сырт елден келиўшилер арасында мәмлекетимиздиң мәдений-тарийхый мийрасын кеңнен үгит-нәсиятлаў, мәмлекетимиздиң саяхат ҳәм дем алыў ушын қәўипсиз мәнзил сыпатындағы имиджин беккемлеў бағдарында алып барылып атырған ҳәрекетлерге мүнәсип үлес қосыўдан ибарат.
Фестивальдан күтилип атырған нәтийже – илаж қатнасыўшылары тәрепинен жаратылған миллий сувенирлер саўдасын жолға қойыў арқалы республикамыз музейлери ҳәм мәдений мийрас объектлерине келетуғынлар тиккелей усы объектлердиң үгит-нәсиятлаўшысына айланады. Бул болса, аймақларды турақлы социаллық-экономикалық раўажландырыўға, өнерментлердиң бәнтлигин тәмийинлеўге оларды ҳәм материаллық, ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди.
Фестиваль жуўмағында «Ең жақсы сувенир» номинациясы бойынша ҳәр бир аймақ ушын айрықша 1, 2, 3-сыйлы орынлар белгиленген ҳәм жеңимпазлар илаж соңында мүнәсип сыйлықланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги