19-октябрь күни Самарқанд қаласында аўыр атлетика бойынша 2006-жылы туўылған ҳәм оннан киши жастағы жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Өзбекстан чемпионаты басланып, оған Қарақалпақстан Республикасының жас спортшылары да табыслы қатнаспақта.

Атап айтқанда, Тақыятас районлық балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң тәрбияланыўшылары 45 кг салмақта Асемай Шүкирбаева ҳәм 64 кг салмақта Нурсулыў Аманбаевалар 1-орынды,  36 кг салмақта Гүлжамал Даўытбаева 3-орынды ийелеп, өз устазлары ҳәм ата-аналарын шексиз қуўанышқа бөледи.

Бул спортшыларды жарысқа тренерлерден Шарапатдин Сапарбаев ҳәм Рейимбай Опаевлар таярлады.

Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, бул жарыс 23-октябрь сәнесине шекем даўам етеди.

 

Адилбай Оразов,

журналист.

Қарақалпақстан хабар агентлиги