Усы жылдың 15-16-октябрь күнлери Грецияның Салоники қаласында жаслар ҳәм жас өспиримлер арасында спорттың самбо түри бойынша жәҳән чемпионаты өткерилди.

ҚР Туризм ҳәм спорт бас басқармасы мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, жәҳән чемпионатына Қарақалпақстан Республикасынан улыўма 5 спортшы қатнасып солар қатарында 59 килограмм салмақ категориясында Азада Аймуратова сыйлы 2-орынды ийелеп гүмис медалы, 54 килограмм салмақта (жас өспиримлер арасында) Шаҳзода Азатова ҳәм 54 килограмм салмақ категориясында Гулчирой Исмаиловалар 3-орынларды жеңип алып, бронза медальларына ийелик етти.

Солай етип, дүньяның күшли самбошылары қатнасқан жәҳән чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы улыўма 6 алтын, 3 гүмис ҳәм 8 бронза медалын қолға киргизип, улыўма командалық есапта екинши орынды ийеледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.