Хожели районындағы «Күн нуры» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы жаңадан қурылған 24 квартиралы көп қабатлы турақ жайдың төбесине ҳәр бириниң қуўатлылығы 300 Вт болған 48 қуяш модулиниң улыўмалық қуўатлылығы 14,4 кВт болған монокристал қурамлы қуяш панельлери орнатылды. «Өзэнергоинспекция» баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, бул қуяш панельлери ҳәр бир квартира ушын 0,6 кВт қуўатлылықтағы электр үскенелерине ажыратылған.

Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, көп қабатлы турақ жайларда бундай жумыслар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 22-августтағы «Экономикалық тармақлар ҳәм социаллық тараўдың энергия нәтийжелилигин арттырыў, энергия үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм қайта тикленетуғын энергия дәреклерин раўажландырыўдың жедел илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.