Бурын хабар етилгениндей, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 26-сентябрьдеги «Педагог кадрларды таярлаў, халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў институты Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў аймақлық орайы болып қайта шөлкемлестирилди.
Аймақлық орайдың тийкарғы ўазыйпасы – халық билимлендириў хызметкерлериниң методикалық мүтәжлигин толық қанаатландырыў мақсетинде қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўдың алдынғы технологияларын ҳәм усылларын енгизиў, билимлендириў бағдарламаларын жетилистириў бойынша илимий-изертлеў және оқыў-методикалық жумысларын алып барыў көнликпелерин раўажландырыў, аралықтан оқытыў усыллары тийкарында халық билимлендириў мәкемелери педагоглары ушын шөлкемлестирилетуғын қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў курсларының тийисли оқыў-методикалық ресурсларын ислеп шығыў ҳәм олар бойынша заманагөй методикалық, мәлимлеме-мағлыўматнама базасын жаратыў, оқыў бағдарламаларын үзликсиз жетилистирип барыў, оқыў-тәрбия процесин әмелият пенен өз-ара нәтийжели бирге ислесиўин тәмийинлеў, инновациялық илимий жетискенликлерди, заманагөй педагогикалық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын қолланыўды, аралықтан оқытыўды, еркин билим алыўды кеңейтиўди нәзерде тутатуғын техника ҳәм технологияларды билимлендириў системасына енгизиў болып табылады.
Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте быйылғы жыл ушын маманлықты арттырыў курсларының буйыртпасы қәлиплестирилди. Нәтийжеде быйыл 38 бағдар бойынша 8 мың, соннан мектепке шекемги билимлендириў бағдары бойынша 625, улыўма орта билим бериў бағдары бойынша 6550 ҳәм мектептен тыс билимлендириў бағдары бойынша 75 педагог кадрдың маманлығын арттырыў режелестирилген. Аймақлық орайдың профессор-оқытыўшылары тәрепинен маманлығын арттырыў курслары ушын әмелдеги оқыў режеси ҳәм оқыў бағдарламалары талқыланды. Нәтийжеде НМПИ ҳәм аймақлық орай кафедралары биргеликте «Тарийх», «Миллий идея ҳәм руўхыйлық тийкарлары», «Экономикалық билим тийкарлары», «Мәмлекет ҳәм ҳуқық тийкарлары» маманлық категорияларының «Пәнниң теориясы ҳәм оқытыў методикасы», «Пәнди оқытыўда педагогикалық технологиялар» ҳәм басқа да көплеген курслардың педагогикалық технологиялары бойынша усыныслар ислеп шығылды. Тыңлаўшылардың Интернет тармағынан пайдаланыўы ушын НМПИ диң 25 компьютер класы жумыс алып бармақта. Институттың профессор-оқытыўшыларын аймақлық орай тәрепинен шөлкемлестирилген курслардың 19 бағдары бойынша маманлығын арттырыў курслары шөлкемлестирилди. Бүгинги күнде орайда 97 педагог кадр жумыс ислейди, олардан 61 и тийкарғы штат бирлигинде, ал 36 сы өткен саатына қарай ҳақы төлеў ҳәм қосымша штат тийкарында. Орайдың кадрлар потенциалын арттырыў, профессор-оқытыўшылар тәрепинен илимий изленислер, мәмлекетлик ҳәм халықаралық грантлардың салмағын көтериў ҳәм халықаралық шәртнамаларды дүзиў бағдарында да жумыслар алып барылмақта. Соның менен бир қатарда орайдың материаллық – техникалық базасын жетилистирип барыў бойынша да жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 15-августтағы қарары тийкарында орайдың имаратлары 2016-2017-жыллардың инвестициялық бағдарламасына киргизилип, бас оқыў имаратында, спорт ҳәм мәжилислер залында, 70 орынға мөлшерленген жатақханада, асханада жәми 3038,9 миллион сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылды. Сондай-ақ, быйылғы жылы аймақлық орайда аралықтан маманлығын арттырыў бағдары бойынша аралықтан оқытыў және Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў, Мектепке шекемги билимлендириў министрликлери, улыўма орта ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери менен өз ара бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарында да жумыслар шынтлап қолға алынды.
НМПИ диң Илимий ислер бойынша бөлими менен биргеликте усы жылдың март, сентябрь, ноябрь айларында «Гуманитар пәнлерди оқытыўда» заманагөй педагогикалық ҳәм мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў: машқалалар ҳәм шешимлер», «Миллий идеяны үгит нәсиятлаўда инновациялық технологиялардан пайдаланыўдың әҳмийетли мәселелери», «Пәнлерди оқытыўда таяныш ҳәм илимге тийисли компетенцияларды қәлиплестириў мәселелери», «Оқыўшыларды еркин пикирлеўге ҳәм еркин билим алыўға бағдарлаўда педагогикалық технологиялардың орны» темасында районлық, қалалық халық билимлендириў бөлимлери және мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билим бериў мәкемелеринде жумыс алып барып атырған хызметкерлерди тартқан ҳалда илимий әмелий конференцияларды өткериў режелестирилмекте.
Н.РЕЙПНАЗАРОВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы