Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2018-жыл 10-январь күни Шыршық қаласындағы әскерий бөлимде болды.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 12-декабрьдеги пәрманы менен қайта шөлкемлестирилген усы әскерий бөлимде жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бағдарында системалы жумыслар алып барылмақта.

Өзбекистан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев әскерлер ушын жаратылған шараятлар, жаўынгерлик таярлықта пайдаланатуғын материаллық қураллар, әскерий хызметкерлердиң кийим-кеншек тәмийнаты менен танысты, олар менен сәўбетте болды.

Президентимизге Ташкент ўәлаяты әскерий-ҳәкимшилик секторының жумысын 2018-жылы жетилистириў бойынша «жол картасы», жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў концепциясы, Өзбекистан жаслар аўқамының Қорғаныў министрлиги системасындағы басланғыш шөлкемлерин структуралық қурамы, жас әскерий хызметкерлерди хошаметлеў ҳәм перспективада исленетуғын басқа да жумыслар туўралы мағлыўмат берилди.

Мәмлекетимиз басшысы әскерий хызметкерлердиң әскерий кийим ҳәм әсбап-әнжамларын заманагөй тийкарда жаңалаў, тәмийнат системасын жетилистириў зәрүрлигин атап өтти. Мүнәсип хызмет еткен әскерлерге барлық шараятлар жаратыў, оларды турақ жай, автомашина менен тәмийинлеў бойынша тапсырма берди.

Президентимиз әскерлер асханасында болып, бул жерде жаратылған шараятлар менен танысты.

Шыршық – химиклер ҳәм машина қурыўшылар қаласы. Оның географиялық орны экономиканы раўажландырыў ушын оғада қолайлы. Қалада жумыс ислеп атырған «Максам-Чирчиқ», «Ўзбеккимёмаш», «Чирчиқ қишлоқ хўжалиги техникаси заводи» акционерлик жәмийетлери, Өзбекистан ыссыға шыдамлы, қатты металл араласпалар заводы сыяқлы ири өндирислик қуўатлылықлары елимиз санаатының раўажланыўына салмақлы үлес қоспақта.

Президентимиз сапар етиў шеңберинде елимиздиң аўыл хожалығы машина қурылысы тараўын раўажландырыў бағдарламасы менен танысты.

Елимизде аўыл хожалығы машина қурылысы кәрханаларының жумысын басқарыўды буннан былай да жетилистириўге айрықша итибар қаратылмақта. Тараўда өндиристи модернизациялаў, техникалық ҳәм технологиялық қайта үскенелеў, агросанаат комплекси ушын заманагөй, өнимдарлығы жоқары, ишки ҳәм сыртқы базарда бәсекиге шыдамлы техникалар менен үскенелер ислеп шығарыўды шөлкемлестириўге қаратылған илажлар әмелге асырылмақта.

Президентимизге ресурсты үнемлейтуғын, заманагөй, өнимдарлығы жоқары аўыл хожалығы техникасын ҳәм механизация қуралларын ислеп шығарыў бойынша исленетуғын жумыслар бойынша мағлыўмат берилди.

Соның ишинде, «Чирчиқ қишлоқ хўжалиги техникаси заводи» акционерлик жәмийетинде 2018-2019-жылларға мөлшерленген, баҳасы 32,7 миллион долларлық 3 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Ислеп шығарылатуғын өнимлерди жергиликлилестириў дәрежесин 50 процентке шекем жеткериў нәзерде тутылған.

Жойбардан гөзленген мақсет машина-трактор парклерин, фермер ҳәм дийқан хожалықларын техникалардың жаңа түрлери – заманагөй ғәлле ҳәм от-жем орыў комбайнлары, шигит ҳәм ғәлле егиў сеялкалары, жерди қайта ислеў, картошка егиў ҳәм жыйнап алыў техникалары менен тәмийинлеў болып табылады.

Мәмлекетимиз басшысы жойбар шеңберинде ислеп шығарылыўы нәзерде тутылып атырған аўыл хожалығы техникаларының үлгилери менен танысты. Жәҳән базарында бәсеки күшейип атырған бүгинги күнде, ислеп шығарылып атырған ҳәр бир өним тек ғана ишки базарды тәмийинлеп қоймастан, ал халықаралық көлемде бәсекиге шыдамлы ҳәм экспортқа жарамлы болыўы кереклиги атап өтилди.

Усы жерде Ташкент аўыл хожалығы техникасы заводы, «Технолог», «Агрегат», «ЎзКейсмаш», «Лемкен-Чирчиқ», «ЎзКлаасагро» кәрханаларында ислеп шығарылып атырған аўыл хожалығы техникаларын таныстырыў да болып өтти.

Президентимиз «Ўзбеккимёмаш заводи» акционерлик жәмийетинде жаңа қуйыў цехы ҳәм ири көлемли үскенелерди ислеп шығарыў жойбары менен танысты.

Бүгин бул кәрханада нефть-газ, химия ҳәм азық-аўқат санааты ушын ыссылық алмасыў үскенелери, компрессорлар, насослар, нефтьти ҳәм газди қайта ислеў, химиялық, бураўлаў ҳәм ҳаўа менен суўытыў үскенелери, комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарылмақта.

Кәрхана өнимлери «Мубәрекнефтьгаз», «Шортаннефтьгаз» акционерлик жәмийетлери, «Шортангазхимия» комплекси сыяқлы ири санаат кәрханаларына, сондай-ақ, Россияға, Қазақстанға, Беларусьқа, Украинаға жеткерип берилмекте.

Өткен жылы 1,5 миллион долларлық өним экспорт етилген болса, усы жылы бул көрсеткишти 2 миллион долларға жеткериў режелестирилген.

Усы мақсетте кәрхананы модернизациялаў ҳәм диверсификациялаў арқалы заманагөй технологиялар тийкарында металлды еритиўге ҳәм қуйыўға мөлшерленген жаңа қуйыў цехын қурыў нәзерде тутылмақта. Улыўма баҳасы 18,9 миллион долларлық бул жойбардың турмысқа енгизилиўи нәтийжесинде заводдта ҳәр қыйлы номенклатурадағы қуйылма өнимлер ислеп шығарыў көлеми жылына 1,7 мың тоннадан 4 мың тоннаға жеткериледи. Цех Европа еллеринен ҳәм АҚШтан алып келинген үскенелер менен тәмийинленеди. Жойбар 2019-жылдың үшинши шерегинде иске қосылады.

Мәмлекетимиз басшысы «Ўзбеккимёмаш» ҳәм Шыршық трансформатор заводларында ислеп шығарылып атырған өнимлердиң үлгилери менен танысты. Өнимниң түрлерин ҳәм экспорттың көлемин кеңейтиўде бундай жаңа қуўатлылықлар үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Усы жерде Шыршық қаласын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың турмыс абаданлығын артырыўға қаратылған бир қатар бағдарламалар менен жойбарларды таныстырыў болып өтти.

Бүгинги күнде Шыршықта 300 ден аслам санаат кәрханасы жумыс алып бармақта. Қаланы 2018-2019-жылларда экономикалық раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде 80 ге шамалас жойбар әмелге асырылады. Нәтийжеде өндирис көлеми 16 есеге артып, 3 мыңға жақын жумыс орны жаратылады.

Қаланың 2035-жылға шекем мөлшерленген бас режесине муўапық, өткен жылы 7 қабатлы 3 турақ жай қурып питкерилди. Усы жылы әне, усындай 5, келеси жылы 10 турақ жай қурылады. Буннан тысқары, 2018-жылдың март айында әскерлер ушын 3 қабатлы 8 ҳәм жылдың ақырына шекем 10 турақ жай қурып пайдаланыўға тапсырылады.

Шыршық дийқан базары өткен әсирдиң 50-жылларында қурылған болып, бүгинги күнниң талапларына жуўап бермей қалған. Исбилерменлик субъектлерине ҳәм халыққа саўда-сатық ушын кең қолайлықлар жаратыў мақсетинде оны рекострукциялаў нәзерде тутылмақта. Баҳасы 22 миллиардқа шамалас болған усы жойбар нәтийжесинде 3,7 гектар жерде жаңа базар қурылады. Базар аймағында үш қабатлы гипермаркет, аўыл хожалығы өнимлерин сатыўға мөлшерленген павильонлар, саўда орынлары, автомобильлер туратуғын орын, автобуслар менен микроавтобуслар ушын бәндиргилер қурылады.

Буннан тысқары, «Ўзбеккимёмаш» заводы тәрепинен 2,5 гектарлық «Машинасозлар» дем алыў бағын реконструкциялаў ҳәм усы жылы Ғәрезсизлик байрамына шекем пайдаланыўға тапсырыў режелестирилмекте. Қала аймағынан өтетуғын Бозсуў каналының жағасы абаданластырылып, халыққа кешки ўақыт дем алыў ушын сейил етиў орынлары шөлкемлестириледи.

Ташкент – Хожакент жөнелисинде қатнайтуғын электропоездлардың орнына заманагөй тез жүрер электричкалардың ҳәрекетин жолға қойыў да перспективалы бағдарлардан болып, халықтың абаданлығын ҳәм Ташкент ўәлаятының туристлик потенциалын арттырыўда әҳмийетли қәдемлерден болады. Бул ушын Шыршық қаласындағы «Шыршық» және «Бозсуў» темир жол бәндиргилери заманагөй стандартлар дәрежесинде жаңадан қурылады.

Президентимизге Өзбекистан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институтлары имаратларын реконструкциялаў, жаңа оқыў имаратларын, спорт объектлерин, студентлер турақ жайларын қурыў, Ташкент – Қибрай – Шыршық – Ғазалкент ҳәм Шыршық – Ғазалкент автомобиль жолларындағы тығызлылықты азайтыў, Пском ГЭСин ҳәм өткелин қурыў, Шарвақ ГЭСиниң қәўипсизлигин арттырыў жойбарлары да усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы Шыршық қаласы өз имканиятлары менен потенциалына бола, елимиздиң ири санаат орайларынан бири екенин, соның менен бирге, ҳәр бир жойбарда өндирислик структураны ҳәм халықтың турақ жай шараятын жақсылаўға айрықша итибар қаратыў зәрүрлигин атап өтти. Жойбарлардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша тийисли көрсетпелер берди.

Заводтың белсендилер залында жумысшы-қәнигелер, Шыршық қаласының жәмийетшилик ўәкиллери, нуранийлар, жаслар менен өткерилген ушырасыўда қалада әмелге асырылып атырған өзгерислердиң мазмун-мәниси, халықтың турмыс абаданлығын арттырыў, жаслар тәлим-тәрбиясы мәселелери туўралы сөз болды.

Өзбекистан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев сол күни пайтахтымыздағы Қураллы Күшлер академиясына барды.

Президентимиз 2017-жыл январь айында Ташкент жоқары улыўма әскерий сәркардалық билим журтында болып, усы билимлендириў орны тийкарында улыўма жаңа Қураллы Күшлер академиясын шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар бергени белгили. Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 25-апрельдеги қарары менен Қураллы Күшлер академиясы қайта шөлкемлестирилди.

Бул әскерий оқыў орны Ташкент жоқары улыўма әскерий сәркардалық билим журтының абыройлы әскерий дәстүрлерин, елимиздиң жетекши илимий-билимлендириў мәкемелериниң алдынғы тәжирийбесин өзинде жәмлеп алған.

Бүгин академия елимизде енгизилген әскерий билимлендириўдиң бирден-бир системасында тийкарғы орынды ийелейтуғын, шын мәнисиндеги әскерий илим орайына айланды. Академияларда лейтенатларды таярлаў, офицерлердиң маманлығын арттырыў, армияны басқарыў қурамындағы сәркардалық кадрларды арнаўлы таярлықтан өткериў жумыслары жолға қойылған. Бул жерде улыўма әскерий сәркардалық-штаб маманлығын арттырыў факультетлери, он бир кафедра жумыс алып бармақта.

Курсантлар ҳәм тыңлаўшылар әскерий, гуманитарлық, анық пәнлер бойынша билим алады. Академияда оқыў процеси шет мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбеси тийкарында шөлкемлестирилген. Билимлендириў процесине ең жаңа усыллар менен технологиялар енгизилген. Аудиториялар заманагөй тренажёрлар, оқыў-лаборатория үскенелери ҳәм компьютер техникасы менен тәмийинленген.

Президентимиз академияда жаратылған шараятлар менен танысты. Оқыў бөлмелери, музей, асхана, курсантлардың жатақханаларында болып, олардың билим алыў, әскерий шынығыўларды орынлаў процеси менен танысты.

Академия тыңлаўшыларының кәсиплик шеберлигин, интеллектуаллық дәрежесин ҳәм мәдениятын буннан былай да арттырыў ушын барлық шараятларды жаратыўымыз дәркар, деди Шавкат Мирзиёев. Усы процессте әскерий билим журтында билим алыўдың заманагөй усылларын енгизиў, жоқары ақыл-парасатлы кадрлар таярлаўға итибар қаратыў зәрүр.

Өзбекистан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасының басламасы менен шөлкемлестирилген «Темурбеклер мектеби»инде билим алған жаслар да усы академияда әскерий билимди даўам еттирип, маман офицерлер болып хызметке кириседи.

Буннан тысқары барлық жоқары әскерий билимлендириў мәкемелери профессор-оқытыўшылары қурамын таярлаў, соның ишинде, олардың шет елдеги жетекши жоқары билимлендириў мәкемелеринде маманлығын арттырыўы бойынша системалы жумыслар жолға қойылған.

Мәмлекетимиз басшысы тыңлаўшылар ҳәм курсантлар менен сәўбетлести. Қураллы Күшлер шөлкемлестирилгениниң 26 жыллығы менен қутлықлады. Олар бабаларымызға мүнәсип әўлад болып, заманагөй билимлерди пуқта ийелеў зәрүрлигин атап өтти.

Шавкат Мирзиёев Қураллы Күшлер академиясының ситуациялық орайында болды. Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң кеңейтилген қурамдағы мәжилисинде қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

ӨзА