Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан, әмелдеги Президент Ш.Мирзиёевтиң Қарақалпақстан Республикасы бойынша исенимли ўәкили Абат Данияров Тақыятас, Хожели, Бозатаў, Кегейли ҳәм Нөкис районларында сайлаўшылар менен ушырасты.

Ушырасыўларда мийнет ветеранлары, нуранийлар, районлық Кеңеслердиң депутатлары, партия белсендилери ҳәм жаслар қатнасты.

Ушырасыўларда исенимли ўәкил А.Данияров шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан, әмелдеги Президент Ш.Мирзиёевтиң өмирбаяны ҳәм алдағы жылларда әмелге асырылыўы режелестирилген 5 жыллық сайлаўалды бағдарламасы туўралы кең түрде мағлыўматлар берди.

– Ш.Мирзиёев халықшыл инсан,-дейди исенимли ўәкил А.Данияров. – Кейинги бес жылда әмелге асырылыўы режелестирилген сайлаўалды бағдарламасының тийкарғы бағдары «Инсан қәўипсизлиги», «Инсан еркинлиги», «Инсан тынышлығы» ҳәм «Инсан тәғдири» принциплерине тийкарланғаны, оның халық дәрти менен жасаўының анық мысалы, десек қәтелеспеймиз.

– Барлық тараўлар, әсиресе, социаллық тараўлар қатарында билимлендириў ҳәм илимге айрықша дыққат қаратылғаны, итибарға ылайық,-дейди Хожели районы Мектепке шекемги билимлендириў бөлиминиң баслығы Г.Халмуратова. – Мектепке шекемги билимлендириўге қамтыў дәрежеси ҳәзирги 62 проценттен кеминде 80 процентке жеткерилиўи, мектеп билимлендириў системасы ушын оқыў бағдарламалары ҳәм сабақлықлар алдынғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында толық қайта исленип, 2026-жылға шекем әмелде енгизилиўи, жоқары билимлендириўге қамтыў дәрежесин 50 процентке жеткериў менен бирге, тийкарғы итибар билимлендириўдиң сапасын арттырыўға қаратылыўы үлкен әҳмийетке ийе.

Ушырасыўларда шығып сөйлеген партия белсендилери талабанның жумысларына тоқтап өтип, әмелге асырылып атырған реформалардың барлығы инсанлар ушын, халық ушын, олардың абадан елде еркин ҳәм жақсы жасаўы ушын турмысқа енгизилип атырғанлығын атап өтти.

Сиясий партиялар тәрепинен орынлардағы үгит-нәсият илажлары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги