Кеше, 4-октябрь күни «Facebook», «Instagram», «WhatsApp», «Messenger», «Twitter», «Google» сыяқлы глобаллық тармақлардың жумысларында үзилислер жүзеге келди. Буның ақыбетинде көплеген пайдаланыўшылардың «Telegram», «TikTok», «Вконтакте» тармақларына өтиўи себепли усы социаллық тармақлардың жумысларында да айырым үзилислер бақланды.
«Facebook» басшысы Марк Цукерберг глобаллық үзилислер ушын пайдаланыўшылардан кеширим сорап, «Facebook», «Instagram», «WhatsApp» ҳәм «Messenger» және ислей баслағанын мәлим етти.
– «Facebook», «Instagram», «WhatsApp» ҳәм «Messenger» және онлайнда ислей баслады. Бүгинги үзилислер ушын сизлерден кеширим сорайман: өз жақынларыңыз бенен байланыста болыў ушын бизиң хызметлеримизге қаншелли сүйениўиңизди билемен, – деп жазған Цукерберг «Facebook»та.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, глобаллық үзилислер басланғаннан соң компанияға қараслы болған «Facebook», «Instagram», «WhatsApp» ҳәм бирнеше қосымшалар жети саатқа шекем ислемей қалды. Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, буған программалық тәмийнаттағы жаңаланыўлар себепши болған.
«Forbes» журналының хабар бериўинше, буның ақыбетинде Марк Цукерберг 6,8 миллиард доллар зыян көрген. Солай етип, Цукерберг дүньяның ең бай адамлары рейтингинде 6-орынға түсип кеткен.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.