Усы жыл 29-сентябрь күни Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында «Адолат» социал-демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Баҳром Абдуҳалимовтың  қарақалпақстанлы сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, қалалық ҳәм районлық Кеңеслердиң депутатлары, партияның белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Ушырасыўды талабанның исенимли ўәкили-Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институтының директоры А.Альниязов кирис сөз бенен ашты.

Қатнасыўшылар Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанның өмири ҳәм мийнет жолы менен таныстырылды.

Буннан кейин «Адолат» социал-демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Баҳром Абдуҳалимов  шығып сөйлеп, өзиниң сайлаўалды бағдарламасында белгиленген әҳмийетли мәселелерҮ нызам үстинлиги, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, суд-ҳуқық сыяқлы тараўларды буннан былайда раўажландырыўда әдиллик принциплерине тийкарланған кең көлемли жумысларды әмелге асырыў, алып барылып атырған реформалардың  нәтийжелилигин сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў мәселелерине тоқтап өтти.

Талабанның сайлаўалды бағдарламасындағы күшли ҳәм әдалатлы суд ҳәкимияты болған жерде нызам және әдиллик принциплери үстин болыўы, суд процесинде қалыс тартысыў  ҳәм әдилликти, суд қатнасыўшыларының тең ҳуқықлығын тәмийинлеў, адвокатура институтын жетилистириў, жәмийетте ҳуқықый мәдениятты қәлиплестириў және раўажландырыў мәселелери айрықша атап өтилди. Бағдарламада орта ҳәм узақ мүддетли келешекке мөлшерленген социаллық бағдарланған экономикалық бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм оны турмысқа енгизиў, усы бағдарламаларды қадағалаў системасына жаңаша қатнас, инновациялық раўажланыў ҳәм инновациялық экономика, нәтийжели экономика қуралларынан ақылға уғрас пайдаланыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер атап өтилгенлиги қатнасыўшылар тәрепинен унамлы баҳаланды.

Социаллық–экономикалық мәселелерди шешиўде мәмлекет ҳәм жеке сектор бирлигин раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, әсиресе, жаслар ушын жаңа жумыс орынларын жаратыў, хызметкерлердиң сициаллық қорғалыўын тәмийинлеў, халықтың барлық социаллық қатламларының сапалы медициналық хызметтен пайдаланыўын тәмийинлеў, пуқаралар арасында медициналық мәдениятты қәлиплестириў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик турмыстағы белсендилигин арттырыў, турақ жай-коммуналлық комплекси жумысын буннан былай да жақсылаў сыяқлы социаллық мәселелерге айрықша тоқтап өтилди.

Буннан тысқары, бағдарламадан орын алған елимиздиң раўажланыўы жолында заманагөй, жоқары интеллектуал қәнигелерди таярлаўда билимлендириў системасының барлық басқышындағы реформаларды буннан былай да жеделлестириў сыяқлы алдыңғы идеялар қатнасыўшылар тәрепинен мақулланды. Талабанның бағдарламасында атап өтилген әҳмийетли бағдарлар, мақсет және ўазыйпалар социал-демократия идеясы және Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясының бағдарламалық мақсетлери және сиясий платформасына толық сәйкес келиўи атап өтилди.

Б.Абдуҳалимовтың сайлаўалды бағдарламасынан орын алған ҳуқықый-демократиялық мәмлекет ҳәм әдил жәмийет қурыў бағдарындағы конституциялық нормаларды турмысқа системалы түрде ҳәм кеңнен енгизиўди даўам еттириў сыяқлы мәселелер ушырасыў қатнасыўшылары тәрепинен кеңнен додаланды.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары, «Адолат» СДП фракциясының басшысы З.Ибрагимова,  Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының доценти М.Асқаров, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Н.Қайыпбергенов, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты мектепке шекемги билимлендириў факультетиниң деканы У.Сейтжанова, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти И.Айымбетов шығып сөйлеп, жыйналғанларды усы жыл 24-октябрь күни болып Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына белсенен қатнасыўға ҳәм талабан Баҳром  Абдуҳалимовтың сайлаўалды бағдарламасын қоллап-қуўатлаўға шақырды.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Күнниң екинши ярымында Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Б.Абдуҳалимов Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминде жас илимпазлар менен дөгерек сәўбетин өткерди. Онда бүгинги күни жас илимпазларды қоллап-қуўатлаў, әмелге асырылатуғын жойбарлар, идеялар ҳәм ушырасып атырған машқалаларды сапластырыў бойынша пикир алысыўлар болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги