Ташкент қаласында 29-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он тоғызыншы жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилип атырған мәжилисте Ҳүкимет ағзалары ҳәм уйымлардың басшылары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис жумысы Олий Мажлис Сенатының рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери арқалы тиккелей жанлы эфирде көрсетилди.
Олий Мажлис Сенатының он тоғызыншы жалпы мәжилиси алдында халықты тәшўишке салып атырған машқалаларды шешиўге итибар қаратылды. Соның ишинде, қыбрайлылар машқалалары бойынша Сенаттың алдынғы жалпы мәжилислеринде ўазыйпалар белгиленген еди. Бул бағдарда исленген жумыслар бойынша Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң баслығы Қутбидин Бурхонов мәлимлеме берди.
Жалпы мәжилисте Министрлер Кабинетиниң Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң 2021-жылдың биринши ярым жыллығы жуўмақлары бойынша орынланыўы ҳаққындағы есабаты тыңланды.
Атап өтилгениндей, 2021-жыл январь-июнь айларында республикамыз экономикасының ЖИӨ көлеми 6,2 процентке өсип, дүньяда болып атырған пандемияға қармастан, 318,5 триллион сумды қурады.
Экономикалық өсиў санаатта 8,5 процент, қурылыста 0,1 процент, аўыл, тоғай ҳәм балық хожалығында 1,8 процент және хызметлерде 8,0 процентке өскен. Инфляция дәрежеси жыл басынан 4,4 процентти, өткен жылдың сәйкес дәўирине болса 10,9 процентти қураған.
Мәмлекетлик бюджеттиң дәраматлары 2021-жылдың 1-ярым жылығында 74,9 триллион сумды қурап, прогнозға салыстырғанда 107,8 процентке ямаса 5,4 триллион сумға арттырып орынланған. Дәраматлар өткен жылдың сәйкес дәўирине 16,7 триллион сумға артқан.
Қосымша қун салығы бойынша быйылғы жылдың январь-июнь айларында салық төлеўшилерге республикалық бюджеттен 7,6 сум, өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 6 еседен көп қаржы қайтарып берилген.
Мәмлекетлик бюджеттиң 2021-жылдың 1-ярым жыллығы қәрежетлери мәмлекеттиң мақсетли қорларысыз 79 триллион 331,9 миллиард сумды, анықланған реже көрсеткишлерине салыстырғанда 96,9 процент ямаса ЖИӨ ге салыстырғанда 24,9 процентти қураған. Есабат дәўиринде жергиликли бюджетлердиң дәраматлар бөлеги прогнозға салыстырғанда 118,9 процент, қәрежетлердиң бөлеги режеге салыстырғанда 97,3 процентке орынланған.
Жергиликли бюджетлердиң еркинлигин арттырыў бойынша ҳүкимет тәрепинен әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде жергиликли бюджетлердиң дәрамат көрсеткиши 2 триллион 639 миллиард сум артығы менен орынланған.
2021-жылы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик мақсетли қорларының дәраматлары жыллық прогнозға салыстырғанда 44 процентке (18 триллион 353,1 миллиард сумға) орынланыўы да, өз гезегинде, халықты социаллық қорғаў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў, мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлер, социаллық напақалар, материаллық жәрдем ҳәм компенсация төлемлерин өз ўақтында әмелге асырыў имканиятын берген.
Мәжилис даўамында Қаржы министрлигине Мәмлекетлик бюджеттен ишимлик ҳәм ақаба суў объектлери ушын ажыратылған қаржыларды мақсетли жумсаў үстинен қадағалаў орнатыў, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў ушын Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылардың мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўы үстинен финанслық қадағалаўды орнатыў ҳәм басқа да ўазыйпалар жүкленди.
Көрип шығылған мәселелер бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Соң сенаторлар Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў ҳаққындағы есабатын тыңлады. Сондай-ақ, Сенат жумысшы топары тәрепинен ўәлаятты комплексли раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды үйрениў жуўмақлары да толық додаланды.
Мәжилисте атап өтилгениндей, соңғы бес жылда Қашқадәрья ўәлаяты қала ҳәм районларын комплексли раўажландырыў бойынша Президенттиң 1, Министрлер Кабинетиниң 12 қарары қабыл етилип, тастыйықланған бағдарламалар шеңберинде бир қатар жумыслар алып барылған.
Халықтың турақ жайға болған талабын қанаатландырыў мақсетинде 10 мыңнан аслам квартираға ийе болған 250 ден аслам көп квартиралы жайлар және дерлик 4,9 мың жаңа үлгидеги турақ жайлар қурылып, пайдаланыўға тапсырылған.
Инфраструктураны жақсылаў мақсетинде 2,4 мың километрден аслам автомобиль жолларында қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылған, 3 мың километрден аслам электр узатыў каналы ҳәм 858 дана трансформатор пунктинде әмелге асырылған қурылыс-реконструкция жумысларының нәтийжесинде 275 мыңнан аслам халық ҳәм 900 ге шамалас исбилерменлик субъектлерин турақлы электр энергиясы менен тәмийинлеўге ерисилген.
Ўәлаяттағы 667 километр газ қубырлары жаңадан монтажланған. 315 мың халық ушын ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў мақсетинде 968 километр ишимлик суўы қубырлары реконструкцияланған.
Буннан тысқары, аймақта социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылған. Атап айтқанда, быйылғы жылдың I –ярым жыллығында жалпы аймақлық өним көлеми 19,3 триллион сум, өсиў пәти өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 107,7 процентти қураған. Халықтың жан басына жалпы аймақлық өним көлеми 5,8 миллион сумнан ибарат болып, жылдың ақырында 10,7 миллион сумды қурайтуғыны күтилмекте.
Аймақлық инвестициялық бағдарламаға муўапық усы жылдың өткен дәўири ишинде улыўма баҳасы 1,9 триллион сумлық улыўма 709 жойбар иске қосылған ҳәм 4,4 мың жаңа жумыс орны жаратылған. Тиккелей сырт ел инвестициялары тийкарынан Қытай, Түркия, Сингапур, Иран, Россия, Канада, Нидерландия мәмлекетлеринен тартылған.
Мәжилисте әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда машқалалар ҳәм кемшиликлер бар екенлиги атап өтилди. Соның ишинде, аймақлық инвестициялық бағдарламаларды қәлиплестириў процесинде айырым жойбарлар интакерлериниң имканиятлары толық үйренилместен бағдарламаға киргизилгенлиги себепли орынлаў мүддети келместен «Перспективасыз» деп табылған жағдайлар бар.
Қалаберди, 2021-жылғы Инвестициялық бағдарлама шеңберинде айырым қурылыс-оңлаў жумыслары белгиленген мүддеттен артта қалмақта.
Мәжилисте үйрениў жуўмақлары халық депутатлары ўәлаятлық Кеңестиң 2021-жыл 13-сентябрьдеги сессиясында сын көзқараста додаланғаны, оннан ўәлаят дәрежесиндеги машқалаларды шешиў бойынша айрықша «Жол картасы» тастыйықланғанлығы атап өтилген.
Буннан тысқары, жалпы мәжилисте сенаторлар тәрепинен машқалалы мәселелерди шешиў бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди ҳәм орынлаў бойынша сенаторлық қадағалаўды жолға қойыў белгиленди.
Соң сенаторлар Өзбекстан Республикасы Пиллешилик ҳәм жүн санаатын раўажландырыў комитети баслығының жумысы ҳаққындағы мәлимлемесин тыңлады.
Атап өтилгениндей, бул тараўда белгили жумыслар әмелге асырылған. Атап айтқанда, Президенттиң 2019-жыл 16-августтағы «Қаракөлшилик тармағын комплексли раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы және 2020-жыл 17-январьдағы «Пиллешилик тармағында жипек қурты от-жем базасын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарларына муўапық бағдарлама ҳәм режелер ислеп шығылған, олардың орынланыўын тәмийинлеў илажлары көрилген.
Соның ишинде, республикада 53,5 мың гектар тут атызлары жаратылып, быйылғы жылдың бәҳәрги мәўсиминде 62,5 миллион тут нәли ҳәм 53 миллион түптен аслам жекке қатар тут тереги егилген. Қалаберди, 11 наўқан қурты туқымшылық кәрханасы шөлкемлестирилген болып, олар тәрепинен 2021-жылы 240 мың қуты санаатқа жарамлы наўқан қурты туқымлары ислеп шығарылған. Буннан тысқары, 2019-2020-жылларда пиллешилик бағдарында инвестициялық бағдарламаға тийкарланып 123 жойбар шеңберинде 163,4 миллион долларлық қаржы, соның ишинде, 10,4 миллион доллар тиккелей сырт ел инвестициясы тартылған.
Быйылғы жыл бәҳәрги пилле бағыў мәўсиминде 22,7 мың тонна пилле шийки заты (ызғар пилле) жетистирилген. Сондай-ақ, соңғы төрт жылда пиллешилик кластерлериниң саны 19 дан 76 ға жеткерилген.
2019-2020-жылларда қаракөл қойларының нәсилин жақсылаў мақсетинде Наўайы ўәлаяты Канимех районы, Қашқадәрья ўәлаяты Ғузар районы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Тахтакөпир районында Қаракөлшилик илимий нәсилшилик тәжирийбе станцияларының жумысы жолға қойылған. Соның менен бирге, 2021-жылда қаракөлшилик кластерлери тәрепинен 66 инвестициялық жойбар әмелге асырылған.
Әмелге асырылған жумысларға қарамастан, пиллешилик, тут жетистириў, қаракөлшилик ҳәм мәдений жайлаўлар жаратыўды раўажландырыўға байланыслы системалы машқалалар сақланып қалып атырғаны атап өтилди.
Сондай-ақ, 2020-жылы жаңа тут атызларын жаратыў ушын пиллешилик тармағы шөлкемлерине көп жыллық ижара шәртнамасы тийкарында аўыл хожалығында пайдаланыўдан шығарылған жер майданларын ажыратыў бойынша аймақлар кесиминдеги дизими тастыйықланған болыўына қарамастан, Жиззақ ўәлаятынан тысқары басқа бир де бир ўәлаятта тут атызларын жаратыў ушын жетерли жер майданлары ажыратылмаған.
Мәжилисте сенаторлар тараўды раўажландырыў бойынша тийисли министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен алып барылған жумыслар жетерли дәрежеде емес екенлигин атап өтти. Өз орнында, Министрлер Кабинети ҳәм жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.
Буннан кейин билимлендириў мәкемелерин питкериўшилерди жумыс пенен тәмийинлеўдеги әҳмийетли машқалалар бойынша Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери додаланды.
Атап өтилгениндей, билимлендириў мәкемелери питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында ҳүкимет тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылып келинбекте. Атап айтқанда, 2021-2022-оқыў жылынан баслап техникумлардың оқыўшыларына әмелият өтеў орынларын шөлкемлестириў ҳәм келешекте жумысқа жайласыўы ушын 800 ге шамалас тармақ кәрхана ҳәм шөлкемлерге бириктириў бойынша ҳүкимет қарары таярланған.
Жаслардың исбилерменлик билим ҳәм көнликпелерин раўажландырыў мақсетинде жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде анық пәнлер ҳәм оқыў бағдарламалары ислеп шығылған.
Хызметкерлердиң тийкарғы лаўазымлар ҳәм жумысшылар кәсиплериниң классификаторы жойбары таярланып, оған 2163 жаңа лаўазым ҳәм кәсип қосылған.
«Бирден-бир миллий мийнет системасы» уйымлараралық программалық-аппарат комплексинде www.ish2.mehnat.uz бос (вакант) жумыс орынларының базасы жаратылған.
Сондай-ақ, сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда «Mening ishim» буйыртпалар биржасы онлайн майданын иске қосыў арқалы пуқараларды күнлик жумысқа жаллаўда жумыс бериўши физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге интерактив хызметлер көрсетиў режелестирилмекте.
Мәжилисте бул бағдарда әмелге асырылған жумысларды додалаў процесинде сенаторлар питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында бир қатар усынысларды алға қойды.
Соның ишинде, жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилерин оқыў-өндирислик әмелиятына тартыў системасын туп-тийкарынан қайта көрип шығыў, исбилерменлик субъектлери тәрепинен жоқары билимлендириў мәкемелерине буйыртпалар бериў әмелиятын жолға қойыў, раўажланған мәмлекетлер тәжирийбесин үйренген ҳалда жеке секторда кадрларды жумысқа жайластырыў бойынша субъектлердиң жумысын хошаметлеў системасын жаратыў ҳәм басқа да жумысларды әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Соңынан сенаторлар ақаба суў тазалаў имаратларында жүзеге келип атырған машқала ҳәм кемшиликлердиң қоршаған орталық ҳәм халықтың саламатлығына тәсири бойынша Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелерин көрип шықты.
Атап өтилгениндей, бул тараўда халықаралық финанс институтларының 1 094,6 миллион доллар кредит қаржылары тартылған болып, 9 жойбар әмелге асырылмақта. Олардың шеңберинде 19 объектте 1 780 километр ақаба суў тармақларын тартыў, имаратлардың қуўатлылығын 1 миллион 82 мың м3/суткаға арттырыў жумыслары алып барылмақта. Буның нәтийжесинде 1 миллион 588 мың халықтың ақаба суў хызметлери жақсыланады.
Ақаба суўды тазалаў процесинде топырақ ҳәм жер асты суўлары ҳәм ақаба суўдың пуўланған бөлеги атмосфера ҳаўасына тарқалыўының алдын алыў мақсетинде Ташкент қаласында биринши мәрте пилот жойбары әмелге асырылған. Республика бойынша ақаба суўларды толық зыянсызландырыў мақсетинде 36 мың тоннадан аслам химиялық реагентлер жумсалған.
Буннан тысқары, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен суў ресурсларын патасландырыўшы дәреклер мониторинги шөлкемлестирилген. Сондай-ақ, хожалық жүргизиўши субъектлер ақаба суў тазалаў кәрханаларын патасландырыўшы дәреклеринде қадағалаў-таллаў жумыслары ҳәр шеректе әмелге асырылып келинбекте.
Республикада басланғыш ақаба суў имаратына ийе болмаған, зыянланыў дәрежеси оғада жоқары болған ири өндирислик санаат кәрханалары тармақтан үзилген. Атап айтқанда, Ташкент қаласындағы 18 ири санаат кәрханасына ақаба суў хызметин көрсетиў ўақтынша тоқтатылған. Нәтийжеде 3 кәрханада басланғыш тазалаў имаратларының қурылысына ерисилген.
Бирақ әмелге асырылған жумысларға қарамастан, халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик финанс шөлкемлериниң тартылатуғын қаржыларының өзлестирилиўи, жойбар ҳүжжетлериниң ислеп шығылыўы, келисилиўи ҳәм тастыйықланыўы мақсетке муўапық.
Имаратларға нормасынан артық ақаба суўлардың тасланыўын есапқа алыў системасы талап дәрежесинде жолға қойылмаған. Қашқадәрья, Хорезм, Әндижан ўәлаятларында имаратларға жыйналатуғын ақаба суўлар тазаланбай ашық ҳаўаға тасланбақта.
Мәжилисте сенаторлар тараўды раўажландырыў бойынша тийисли министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен алып барылған жумыслар жетерли дәрежеде емес екенлигин атап өтип, Министрлер Кабинети ҳәм жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға тапсырмалар берди.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он тоғызыншы жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни өз жумысын жуўмақлады.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети