Ҳүрметли муғаллимлер ҳәм устазлар!
Қәдирли ветеранлар!
Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, тәлим-тәрбия тараўының барлық жанкүйер хызметкерлерин улыўмахалықлық байрам – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.
Бул уллы әййямда сиз, мийнеткеш устазларға кеўлимизде, жүрегимизде болған жоқары ҳүрмет-иззет ҳәм жақсы тилеклерди сөз бенен толық билдириў қыйын, әлбетте. Себеби сизлер дүньядағы ең бийбаҳа байлық ҳәм мәңги мийрасты жаратыў, оны халқымызға, өнип-өсип киятырған жас әўладымызға минсиз жеткериў жолында ҳақыйқый пидайылық көрсетип мийнет етип атырған уллы инсанларсыз. Бул үлкен байлық – ақыл-парасат ҳәм илим, бул өлмес мийрас – жақсы тәрбия. Соның ушын сизлердиң атыңызға билдирип атырған уллы тилеклеримиз, тәжим ҳәм алғысларымызды пүткил ел-халқымыздың шексиз ҳүрмети ҳәм иззетиниң белгиси сыпатында қабыл еткейсиз.
Әзиз ўатанласлар!
Елимизде кейинги жыллары илим ҳәм тәлим-тәрбия тараўын мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айландырыўға қаратылған, шаңарақта перзент туўылғанынан баслап камалға келгенине шекем оны ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғын, өмирде мүнәсип орын табыўына хызмет ететуғын тутас ҳәм үзликсиз система жаратылмақта.
Биз бул процессте инсан капиталына итибарды және де күшейтиў, оның ушын барлық имканиятларды иске қосыў бойынша әҳмийетли бағдарламалар ҳәм жойбарларды әмелге асырмақтамыз. Мәселен, бес жыл бурын елимизде 5 мың 211 бақша жумыс ислеген болса, ҳәзирги күнде бул сан 19 мың 316 ға, системадағы қамтыў дәрежеси 62 процентке, 6 жастағы балалар арасында болса 77 процентке жетти.
Мәмлекетимизде жаңа түрдеги ҳәм жаңа сапа басқышындағы билимлендириў дәргайлары, атап айтқанда, Президент мектеплери, дөретиўшилик мектеплери, қәнигелескен мектеплер жумыс ислемекте. Ҳәзирги күнге келип математика бағдарында 112, физика бағдарында 14, химия-биология бойынша 87, информатика ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологиялары бойынша 99, шет тиллер бойынша 207 қәнигелескен мектеплердиң жумыс алып барып атырғанын айрықша атап өтиў тийис.
Жоқары билимлендириў тараўында да исенимли реформалар әмелге асырылмақта. Соңғы бес жылда шет еллердеги абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте 67 жаңа университет ҳәм институтлар және филиаллар қурылып, олардың улыўма санының 144 ке жеткерилгени, қамтыў дәрежесиниң 3 есеге артып, 9 проценттен 28 процентке жеткени де мине усыдан дәрек береди.
Быйылғы оқыў жылында ең заманагөй талаплар ҳәм стандартлар тийкарында шөлкемлестирилген Жаңа Өзбекстан университети дәслепки студентлерди өз қушағына қабыл етти.
Усындай жаңаланыў процесслеринде оқытыўшы-устазларымыздың жумысқа, турмысқа мүнәсибети ҳәм жуўапкершилиги түп-тийкарынан өзгерип, олардың турақлы изленип, жаңалыққа умтылып жасап атырғаны, алдынғы билимлендириў технологиялары ҳәм методикаларын пуқта өзлестирип атырғаны, әлбетте, шешиўши әҳмийетке ийе.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Ҳәзирги жедел раўажланып заман атырған алдымызға қандай қыйын ўазыйпаларды қойып атырғанын барлығымыз көрип, билип турмыз. Оларды шешиў ҳәм ийгиликли мақсетлеримизге жетиў, дүнья көлеминде бәсекиге шыдамлы болыў ушын халқымызды, бәринен бурын, жасларымызды илим, мәрипат ҳәм мәнаўият, раўажланыў жетискенликлери менен қуралландырыўымыз керек. Мине, усы мақсетте билимлендириўдиң мазмунын толық жаңалаў ушын елимиз илимпазлары, тәжирийбели педагоглар ҳәм сырт ел экспертлерин кеңнен тартқан ҳалда, миллий оқыў бағдарламасы жаратылып, басқышпа-басқыш әмелиятта қолланылмақта.
Заманагөй сабақлықларды жаратыў бойынша дәслепки нәтийжелерге ерисилип усы жылы биринши мәрте бир миллионнан артық баслаўыш класс оқыўшыларымыз жаңа сабақлықлар бойынша билим алмақта.
Ҳәзирги күнде жоқары билимлендириў системасын жаңа сапа басқышқа көтериў, тараўдағы машқалаларды сапластырыў, жоқары оқыў орынларымызды тәлим ҳәм илимниң ири орайларына айландырыў бойынша баслаған үлкен жумысларымызды жедел даўам еттириўимиз зәрүр.
Билимлендириў тараўының және бир әҳмийетли ўазыйпасы – жедел пуқаралық позициясына ийе болған, Ўатан ҳәм халық мәплерин исенимли қорғай алатуғын, заманагөй, кең пикирлейтуғын жаслар әўладын қәлиплестириўден ибарат. Сол себепли Үзликсиз билимлендириў системасында жәмийетлик пәнлерди оқытыў тәртиби ҳәм принциплери концепциясын ислеп шығыў ҳәм оны әмелиятқа енгизиў объектив зәрүрликке айланбақта, деп ойлайман.
Ҳүрметли муғаллимлер ҳәм устазлар!
Жәмийетимизди бақша тәрбияшысы, мектеп муғаллими, жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары ҳәм илимий-дөретиўшилик зыялыларды биз талпынып атырған Үшинши Ренессанстың төрт таяныш үстини деп тән алмақтамыз. Соннан келип шығып олардың ҳүрмет-иззетин арттырыў, атап айтқанда, муғаллим ҳәм устазлардың қәдири, абырайы ҳәм мәртебесин тиклеў машақатлы ҳәм мақтанышлы мийнетин материаллық ҳәм руўхый хошаметлеў бойынша баслаған жумысларымызды, әлбетте, жаңа басқышқа көтеремиз.
Сиз, әзизлерди қутлы байрамыңыз бенен және бир мәрте қутлықлап, барлығыңызға саў-саламатлық, бахыт-ығбал, ийгиликли жумысыңызда үлкен табыслар, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеймен.
Ҳәмийше аман-есен болың, ҳүрметли устазлар!
Шавкат МИРЗИЁЕВ
Өзбекстан Республикасы Президенти