Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Мәжилисти комиссияның баслығы З.Низомхўжаев алып барды.
Комиссия ағзалары дәслеп Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына байланыслы сайлаў бюллетениниң түрин ҳәм текстин тастыйықлаў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.
Сайлаў кодексиниң 31-статьясына муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына байланыслы сайлаў бюллетениниң түри ҳәм тексти Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланады. Сайлаў бюллетенинде толтырыў тәртиби ҳаққындағы түсиник болыўы керек.
Талабанның фамилиясы, исми, әкесиниң исми сайлаў бюллетенине оның туўылған жылы ҳәм оны талабан етип көрсеткен сиясий партия көрсетилген ҳалда әлипбе тәртибинде киргизиледи. Сайлаў бюллетеньлери мәмлекетлик тилде басып шығарылады. Сондай-ақ, округлик сайлаў комиссиясының қарарына бола тийисли округ халқының көпшилиги сөйлесетуғын тиллерде де басып шығарылыўы мүмкин. Сайлаў бюллетеньлерин Брайль әлипбеси тийкарында толтырыў ушын трафаретлер таярланыўы мүмкин.
Сайлаў кодексиниң 32-статьясына тийкарланып, участкалық сайлаў комиссиялары сайлаў бюллетеньлерин даўыс бериў күнине кеминде үш күн қалғанда округлик сайлаў комиссияларынан алады.
Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлердеги дипломатиялық ҳәм басқа да ўәкилханалары жанында дүзилген сайлаў участкаларында сайлаўшылардың саны ҳаққында Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен усынылған мағлыўматлар тийкарында Орайлық сайлаў комиссиясы сайлаў бюллетеньлериниң таярланыўын ҳәм жеткерип берилиўин тәмийинлейди.
Участкалық сайлаў комиссиясы алатуғын сайлаў бюллетеньлериниң саны ҳәр бир сайлаў участкасы бойынша сайлаўшылар дизимине киргизилген сайлаўшылар санына қарағанда ярым проценттен артығырақ болыўы мүмкин емес.
Сондай-ақ, мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында халықаралық шөлкемлерден қатнасатуғын бақлаўшыларды аккредитациялаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, усы күнге шекем 6 сырт мәмлекетлерден ҳәм Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросынан 40 халықаралық бақлаўшы дизимнен өткерилген.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында халықаралық шөлкемлерден қатнасатуғын бақлаўшыларды аккредитациялаў ҳаққындағы ОСК қарарына муўапық Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамы, Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамы Парламентлераралық Ассамблеясы, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми, сондай-ақ, Әзербайжан Республикасы, Беларусь Республикасы, Қазақстан Республикасы, Латвия, Египет, Россия Федерациясы, Сингапур, Түркия, Украина, Чехия Республикасы, Япония ҳәм Кувейт мәмлекетлеринен 66 сырт елли бақлаўшы дизимнен өткерилди. Орайлық сайлаў комиссиясы халықаралық бақлаўшыларға сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў дәўиринде өз жумысларын әмелге асырыўы ушын мандатларды нызамда белгиленген мүддетте бермекте.
Комиссия ағзалары тәрепинен ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин аккредитациядан өткериў мәселеси де көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, өткен ўақыт даўамында Орайлық сайлаў комиссиясына және 53 ҒХҚ тәрепинен мүрәжат келип түскен. Мәжилисте Ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин аккредитациядан өткериў ҳаққындағы қарар жойбары бир аўыздан мақулланды ҳәм 53 жергиликли ғалаба хабар қуралларының жәми 167 ўәкили аккредитациядан өткерилди. Енди аккредитациядан өткерилген жергиликли ҳәм сырт елли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери жәми 1 мың 129 (соннан 48 и сырт елли) ды қурамақта.
Мәжилис даўамында Әндижан, Наўайы ҳәм Сурхандәрья сайлаў округлери баслықларының сайлаўға таярлық көриў бойынша есабатлары тыңланды.
Мәжилисте күн тәртибине киргизилген қарарлар ашықтан-ашық даўыс бериў арқалы, комиссия ағзалары улыўма санының көпшилик даўысы менен қабыл етилди.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы