Президент Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстаннан Хорезм ўәлаятына кетип баратырып, дәслеп Әмиўдәрьяда қурылып атырған көпирди көзден өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы бул көпир жойбары менен өткен жылы декабрьде Хорезмге сапары ўақтында танысқан, көп өтпей оның қурылысы басланған еди.

Ҳәзирги күнде жағалықлар темир-бетон менен беккемленип, көпирдиң таяныш сүтинлери қурылмақта.

Жойбардың баҳасы 174 миллион доллар болып, соның есабынан 80 километрлик темир жол ҳәм Әмиўдәрья үстинде 413  метр узынлықтағы көпир қурылады.

Президентимиз қурылыс жумысларының барысын көзден өткерди.

– Бул адамлар узақ жыллар күткен жойбар. Енди және де көп жыллар халқымызға хызмет етиўи керек. Соның ушын биринши орында сапа. Ажыратылған қаржы аз емес. Тәжирйибели қәнигелерди тартып, ҳәр тәреплеме ойлап, елиме, халқыма деп қурыў керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Бул инфраструктуралардың нәтийжелилиги жүдә жоқары. Мәселен, Хорезм ўәлаяты менен Қарақалпақстан Республикасы арасындағы темир жол аралығы 240 километрге, ўақыты болса 6 саатқа қысқарады. Жергиликли жүк тасыў көлеми жылына 12 миллион тоннадан 25 миллион тоннаға артады. Сондай-ақ, халықаралық транзитлер ушын да қолайлылық кеңейеди. Автомобильлер ҳәрекети жақсыланып, халықтың узағы жақын болады.

Буннан соң Президентимиз Үргенш қаласына жөнеп кетти. Шавкат Мирзиёев бүгин Хорезм ўәлаятының сайлаўшылары менен ушырасыў өткереди.

 

ӨзА