Нөкис қаласында өткерилип атырған II «Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы» шеңберинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында атақлы жазыўшы Ч.Айтматовтың «Жамила» шығармасы тийкарында таярланған спектакл (сахналастырыўшы режиссиёр М.Усенов) ҳәм театрдың симфониялық оркестриниң атқарыўында фестиваль қатнасыўшылары ушын концерт, Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында болса «Ромео ҳәм Жулетта» спектакли қойып берилди.
Концертте Қ.Заретдиновтың қарақалпақ халқының миллий дәстүрлерин өзинде жәмлеген «Қырқ қыз» балетинен «Жаўынгер қызлар ойыны» (Қара жорға), Алимжан Халимов, Жапақ Шамуратов, Сапар Хожаниязовлардың «Сүймегенге сүйкенбе» музыкалы комедиясынан «Увертюра», Айсәнем, Тумарис, Fәрип ашық, Гүлпаршын ариялары ҳәм басқа да бир қатар бийбаҳа дөретпелер атқарылды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери