Нөкис қаласында өткерилип атырған II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы» шеңберинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, атақлы композитор, театрдың бас дирижёры Қурбанбай Заретдиновтың «Халық ушын» операсы қойып берилди. Либеретто авторы Қарақалпақстан халық шайыры Кеңесбай Кәримов.

Бул опера қарақалпақ халқының классик шайыры Бердақ Қарғабай улы өмириниң соңғы жылларына бағышланған. Халықтың аўыр турмысы, зорлық-зомбылықлар, ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орны көрсетилген. Қызы Ҳүрлиман бақсы, оның шәкирти Перийзат, олардың бақсышылық етиўине қарсылық еткен бий менен байлар. Бердақты Қулман болыс губернатор Федордың алдына Төрткүл қаласына алып барыўы, бирақ, губернатор оның ҳүрметин орнына қойыўы сыяқлы бир қатар ўақыялар көрсетилген.

Федор «бизде Пушкин қандай болса, Сиз қарақалпақ халқында Бердақ та сондай шайыр, дейди.

– Мен операны тамашалап жүдә тәсирлендим,-дейди операға кирген жаслардың бири Ф.Юсупов. – Бердақ қызы Ҳүрлиманға бақсышылық көркем өнерин үйретиўи, Ҳүрлиман ариясы арқалы бақсының устазының пәтиясын алыўы сахналары, бақсышылық көркем өнери, оны үйрениў, шәкиртлерине мийрас қалдырыў дәстүрлери халқымызда әзел-әзелден жақсы сақланып киятырғанынан дәрек береди.

Операдағы сахналар тарийхый ўақыяларға тийкарланып, көркем түрде сәўлелендирилген.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери