Нөкис қаласында өткерилип атырған II халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалының Халықаралық бақсышылық таңлаўы даўам етпекте.

Ҳәзирги ўақытқа шекем таңлаўда Өзбекстан, Ҳиндстан, Әзербайжан, Тәжикстан, Россия, Иран, Македония, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм басқа да бақсышылық раўажланған, дәстан ҳәм басқа да халық аўызеки дөретпелерин атқарыў бойынша өзгеше усылларына ийе халықлардың бир қатар ўәкиллериниң атқарыўшылық усыллары тыңланды.

Дәслепки күни Өзбекстаннан таңлаўға қатнасқан бақсы Баҳром Рахимов, Бахшиқул Тоғаевлар «Алпамыс», Гүлбәҳәр Ақымбетова «Қырмандәли», жыраў Жәнибек Пиязов «Едиге» дәстанларынан үзиндилер атқарып шықты. Ҳақыйқатында да, дәстанларда тийкарынан халықтың арзыў-нийетлери, ой-қыялы, мақсетлери жәмленген болады. Мәртлик, Ўатансүйиўшилик, ана Ўатанға садықлық сыяқлы ағла пазыйлетлердиң барлығы усы дәстанларда жәмленген десек, қәтелеспеймиз.

Ҳиндстаннан Нусрат Ансари «Аммар Айёр ва Мехтаб Жад» ҳаққындағы дәстан, Россиялы Алексей Ховали «Oskys-oola» жас жетим бала ҳаққында халық аўызеки дөретпеси менен шықты.

Сондай-ақ, басқа да көплеген халықлардың аўызеки дөретпелери, өзлерине тән болған өзгеше усылларда атқарылмақта.

Таңлаўда қатнасып атырған сырт елли ҳәм жергиликли қатнасыўшылардың атқарыўшылық шеберликлерин сырт елли ҳәм жергиликли қәнигелерден ибарат төрешилер бақлап, баҳалап бармақта.

 

????????????????????????????????????

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери