Орайлық сайлаў комиссиясында Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ) Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы (ДИИҲБ)ның Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын бақлаў миссиясының баслығы Оуэн Мерфи басшылығындағы миссияның ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыў даўамында Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Низомхўжаев ЕҚБШ ДИИҲБ менен бирге ислесиў нәтийжели раўажланып атырғаны ҳәм өзиниң унамлы нәтийжелерин берип атырғанын атап өтти. Халықаралық бақлаўшыларға усы жылы болып өтетуғын Президент сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша Тийкарғы илажлар бағдарламасына муўапық әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берип өтти.
– ЕҚБШ ДИИҲБның 2019-жылғы парламентлик сайлаўларды бақлаў бойынша миссиясының жуўмақлаўшы есабатында Өзбекстанда сайлаўлар процесин жетилистириў бойынша 32 усыныс берилген еди. Усы усынысларды таллаў ҳәм улыўмаластырыў, альтернатив усынысларды миллий нызамшылыққа имплементациялаў ушын бир қатар шөлкемлестириўшилик-әмелий илажлар әмелге асырылды. Нәтийжеде бүгинги күнге келип жуўмақлаўшы есабатта атап өтилген 32 усыныстың 18 и толық қабыл етилди, үшеўи бираз толықтырылып қабыл етилди, 8 и көрип шығылмақта. Июнь айынан сентябрь айына шекем ҳәр айда оқыў-семинарлар өткерилип, оларда участкалық сайлаў комиссияларының баслығы, баслығының орынбасары ҳәм хаткери лаўазымларына 32 мың 496 талабан қамтып алынды. 15-18-сентябрь күнлери участкалық сайлаў комиссияларының басқа да барлық ағзаларын оқытыў режелестирилген, – деди З.Низомхўжаев.
Атап өтилиўинше, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасыў ушын 21 халықаралық шөлкемге, соның ишинде, ЕҚБШның Парламент Ассамблеясы ҳәм Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы ҳәм ҒМДА Парламентлераралық Ассамблеясы, ШБШ, ИБШ, Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңеси, Пүткил жер жүзилик сайлаў уйымлары ассоциациясына, 27 сырт мәмлекетлердиң сайлаў уйымлары ҳәм 47 мәмлекеттен 223 бақлаўшыларға мирәтнамалар жиберилди.
Миссия ўәкиллери Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодекси менен сайлаў нызамшылығына киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалардың мазмун-мәниси, олардың сайлаўларды демократиялық тийкарларда шөлкемлестириўдеги роли менен таныстырылды.
Өз гезегинде, СБМ баслығы О.Мерфи өзиниң шығып сөйлеген сөзинде миссияның тийкарғы ўазыйпалары, жумыс ислеў методологиясы, миссияның қурамы ҳаққында мағлыўматлар берип өтти. Бюроның сайлаўды бақлаў бойынша миссиясының қурамына тийкарғы топар менен бирге узақ мүддетли бақлаўшылар, сондай-ақ, даўыс бериў күни сайлаў участкаларында бақлаўды әмелге асыратуғын қысқа мүддетли бақлаўшылар киргизилген.
– Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ) Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы (ДИИҲБ)ның тийкарғы топары, яғный 11 бақлаўшы 14-сентябрьде Өзбекстанға жетип келди ҳәм кейинги ҳәптеде 28 узақ мүддетли бақлаўшы жетип келиўи күтилмекте. Бул бақлаўшылар Өзбекстан аймағы бойлап барлық сайлаў процесслерин бақлап барады. Сондай-ақ, сайлаў күнинен шама менен бир-еки күн бурын 250 бақлаўшының Өзбекстанға келиўи күтилмекте. Шама менен үш ҳәптеден кейин бизлер биринши есабатымызды жәриялаймыз. Онда исленип атырған жумыслар ҳаққындағы анық мағлыўматларды беремиз, – деди Оуэн Мерфи.
Өзбекстанға келиўи режелестирилген узақ мүддетли бақлаўшылардың жумысы ДИИҲБға регионлардағы бақлаў нәтийжелерин есапқа алған ҳалда сайлаў процеси ҳаққында толық түрде есабат дүзиў имканиятын береди. Қысқа мүддетли бақлаўшылардың ўазыйпалары оларға бириктирилген аймақта сайлаў күни бақлаўды әмелге асырыў, сондай-ақ, өз шешимлери ҳаққында анық ҳәм толық түрде миссияның бас резиденциясына хабар бериўден ибарат болып есапланады.
Ушырасыў соңында ДИИҲБ ЕҚБШның СБМ ўәкиллеринен 12 сине халықаралық бақлаўшы мандатлары тапсырылды.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы