Мәмлекетимизде болып атырған Мәдений мийрас ҳәптелиги шеңбериндеги илажлар оғада көтериңки руўхта өтпекте.
Оның шеңберинде сырт ел мийманларының үлкен топары Қарақалпақстандағы бир қатар әййемги қорған қалаларға барды.
Жерлери аспанға тутасып кеткен Аралбойы аймағы әййемги қорғанларға оғада бай. Көпшилигин тарийхы эрамызға шекемги дәўирге барып тақалатуғын бул объектлер бурыннан усы теберик орынларда мәмлекетшилик болғанын, шарўашылық, дийқаншылық, ҳәр қыйлы өнерментшилик гүллеп-жаснағанынан дәрек береди.
…Әпсаналарға бай Үлкен Гүлдирсин қорғаны. Бул қорған эрамызға шекемги IV – III-әсирлерде қурылған. Гүлдирсин Қарақалпақстанның Беруний қаласынан шығысқа қарай 20 километр ҳәм Төркүл қаласынан қубла-шығысқа қарай 26 километр аралықта жайласқан. Гүлдирсин әййемги, бослық қорғанның орнына қурылған Хорезмниң үлкен қорған-шегараларынан бири болып есапланады, деп келтириледи айырым тарийхый дәреклерде.
…Топыраққала – бүлинген әййемги қорған қала саналады. Сырлар, тарийхтың жасырын бетлерине бай болған бул қорған қәнигелердиң пикиринше, эрамызға шекемги 3-4-әсирлердеги хорезмшахлардың резиденциясы болып есапланады.
Төгилип, жемирилиў алдында турған бул үйин-үйин қорғанлар әзелден, ғайры нағыслы екени рас. Бирақ олардың барлығы жанажан жеримиз ески цивилизацияларға мәкан болғанынан сөз етеди.
– Мәдений ҳәптелик даўамында бул әзиз елде көргенлерим мени оғада хайран қалдырды, – деди польшалы изертлеўши-журналист Игорь Стоцкий. – Жемирилиў жағдайына келип қалған болса да, бул қорғанлардың өзиниң саўлаты бар. Булардың барлығы журтыңыздың әййемги тарийхы, өзиниң раўажланыў басқышлары болғанынан дәрек береди. Олардың барлығы журтыңыз шынында да әййемги мәдениятларға, мәмлекетшиликке бесик болған дияр екенин аңлатады.
Ҳақыйқатында да, олардың ҳәммеси бизиң бийбаҳа мийрасымыз. Оларды көз қарашығымыздай қәстерлеп сақлаў, қорғаў миннетимиз болып есапланады.
Назокат УСМОНОВА, ӨзА