Германияның  абыройлы «LAMBERT Academic Publishing» халықаралық илимий баспасында «Cotton-Textile Cluster – loсomotive of the economic development» («Пахта-тоқымашылық кластери – экономикалық раўажланыў локомотиви») атамасындағы китап басып шығарылды.

Ол Өзбекстан пахта-тоқымашылық кластерлери ассоциациясының баслығы, экономика илимлериниң докторы, сенатор Муртазо Раҳматов, академик, биология илимлериниң докторы, профессор Бакриддин Зарипов, Наманган мәмлекетлик университети оқытыўшысы Баҳодир Ниёзметов, сондай-ақ, елимиздеги қарлығаш кластерлер – «BCT Cluster» ҳәм «TCT Cluster» кластерлериниң жойбарлаў координаторы Музаффар Раҳматов ҳәм бас менеджери Акбархон Баҳромовтың авторлығында инглис тилинде басып шығарылды.

Китапта мәмлекетимизде кейинги бес жылда аўыл хожалығында әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар ҳаққында сөз етиледи. Атап айтқанда, усы тараўға енгизилип атырған жаңа идеялар, инновация ҳәм ойлап табыўлар аграр секторды санаатластырыў, аўыл мийнеткешлериниң турмыс дәрежесин арттырыўға хызмет етип атырғаны пахта-тоқымашылық кластерлериниң жумысы мысалында кеңнен ашып берилген.

Китапта Өзбекстан тоқымашылық ҳәм жеңил санаат системасында кластерлерди қәлиплестириў мәселеси мәмлекет көлеминде емес, ал регионлардағы анық экономикалық-социаллық шараятлар тийкарында әмелге асырылып атырғаны ең ақылға уғрас жол екени атап өтилген.

– Мәмлекетимизде жумыс жүргизиўдиң кластер системасына өтилиўинен гөзленген биринши мақсет – жерден нәтийжели пайдаланыў, – дейди Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген экономист, профессор Муртазо Раҳматов. – Қалаберсе, аўыл хожалығын санаатластырыў, сырт елге шийки зат емес, ал қосымша қунға ийе таяр өнимлер сатыў, дәраматты арттырыў арқалы атыз мийнеткешлериниң турмыс дәрежесин көтериў болып есапланады. Аграр тараўдағы нәтийжелер тек ғана өнимдарлық көрсеткиши менен өлшенетуғын дәўирлер өтип кетти. Алынатуғын дәрамат ҳәм сап пайда тийкарғы өлшемге айланыўы керек. Китапта, мине, усы мәселени тек ғана теориялық ҳәм илимий жақтан емес, ал турмыслық мысаллар менен түсиндириўге ҳәрекет еттик. Өзбекстанда қысқа дәўирде бул бағдарда ерисилген нәтийжелер ҳаққында пикир жүргизер екенбиз, онда Бухарадағы «BCT Cluster» ҳәм Ташкент ўәлаятындағы «TCT Cluster» кластерлериниң жумысына мүрәжат еттик, анық детальлар ҳәм дәлийллерге сүйендик.

Бул китап дүнья жәмийетшилигин Өзбекстанның сийрек ушырасатуғын тәжирийбеси менен жақыннан таныстырыў, Жаңа Өзбекстан ҳаққындағы тәсирлерин байытыўға хызмет етеди. Әсиресе, сырт елли исбелерменлер, инвесторлар, экспертлер, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес сектор ўәкиллери ушын мәмлекетимиздеги өзгерислерге байланыслы зәрүр мағлыўматларды алыўында баҳалы дәрекке айланыўы мүмкин. Бул, өз гезегинде, мәмлекетлер арасында тек ғана экономикалық бирге ислесиўди емес, ал «халық дипломатиясы»н раўажландырыўға да айрықша үлес қосады.

Германияның «LAMBERT Academic Publishing» халықаралық илимий баспасы дүнья жүзиндеги абыройлы басылымлардың қатарына киреди. Ҳәр жылы 5 миллионнан аслам академиялық жумыслар, монографиялар, илимий-изертлеў жойбарлары, илимий мақалалар, дөретиўшилик жумыслар басып шығарылады. Сол себепли баспаның дүнья жүзи рейтингиндеги орны бираз жоқары. Бүгинги күнде баспа libri.de, morebooks.de, umbreit.de, knigozal.com сыяқлы ири интернет дүканлары менен тығыз бирге ислесип келмекте.

Баспада басып шығарылған китаплар 80 нен аслам мәмлекетте сатылады. «Cotton-Textile Cluster – loсomotive of the economic development» китабы да баспаның ең көп сатылып атырған әдебиятлары дизиминен орын алған.

 

ӨзА