Усы жыл 17-20-сентябрь күнлери Нөкис қаласында өткерилетуғын II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалына таярлық жумыслары қызғын алып барылмақта.
Халықаралық фестивальға дүньяның көплеген мәмлекетлеринен бақсы ҳәм жыраўлар ҳәм мийманлардың келиўи күтилмекте. Атап айтқанда, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, мәдений мийрас, илим, көркем өнер ҳәм басқа да тараўлардың экспертлери қатнасады.
Фестивальда бақсышылық ҳәм дәстаншылық көркем өнерин раўажландырыў, бақсы-шайыр, ақын ҳәм жыраўлардың дөретпелериниң шығыс мәденияты ҳәм көркем өнериндеги орны менен әҳмийетин және де арттырыўға илимий-әмелий конференция, сырт елли ҳәм Өзбекстан бақсышылық көркем өнери шеберлериниң жеке концертлери, бақсы-шайыр, ақын ҳәм жыраўлар және фольклорлық ансамбльлердиң халықаралық таңлаўы, өткерилди. Сондай-ақ, илаж күнлери сейиллер, мәмлекетимиздиң дүньяға белгили инсанларының өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында заманагөй усылларда сахналастырылған бағдарламалар көрсетилип, бақсышылық көркем өнери тарийхына байланыслы ҳәм өзбек, парсы, араб, инглис, рус тиллеринде баспадан шығарылған илимий шығармалар менен илимий-ағартыўшылық әдебиятлар көргизбелери шөлкемлестириледи.
Фестиваль таңлаў жеңимпазларын салтанатлы түрде сыйлықлаў мәресими ҳәм гала концерт пенен жуўмақланады.
Ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласындағы И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи әтирапындағы майданларда таярлық жумыслары қызғын алып барылмақта.
Ўәлаятлардан келген тараў қәнигелери өзлерине ажыратылған майданда жергиликли аймаққа тән үрп-әдет, дәстүрлерин жәмлеген көргизбелерин таярламақта.
– Фестивальға Сурхандәрья ўәлаятынан 60 адам қурамында келдик,-дейди топар басшысы Ж.Жураев. – Соның 10нан асламы бақсылар.
Мәмлекетимиз көлеминде өткерилген таңлаўда бир бақсымыз биринши, еки бақсымыз үшинши орынды ийеледи, бир неше бақсыларымыз номинация жеңимпазлары болды.
Бизлер фестивальда ўәлаятымыздың өзине тән өзгешеликлерин барынша көрсетиўге ҳәрекет етип атырмыз. Сурхандәрьяға тән ылай сыбаў жайлардың көриниси, 1-2-әсирлерге тийисли «Мусиқачи аёллар» тас мүсини, домбыралар саўдасы, миллий кийимлер, шығыр ҳәм басқа да усы сыяқлы көргизбелер бизиң ата-бабаларымыздан киятырған үрп-әдет, дәстүрлеримизди, миллий өнерментшилигимизди көрсете алады, деп үмит етемиз.
Фестивальға таярлық жумыслары нәтийжели жуўмақланып қатнасыўшыларға барлық имканиятлар жаратылмақта.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген суўретлери