Усы жылдың 17-20-сентябрь күнлери Нөкис қаласында II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы болып өтеди.

Мәмлекетимиз басшысының 2021-жыл 10-апрельдеги «II Халықаралық бақсышылық көркем өнер фестивалына таярлық көриў ҳәм бақсышылық көркем өнерин раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында усы илажға үлкен таярлық көрилди. Халықаралық фестивальға дүньяның бир қатар мәмлекетлеринен мийманлар келмекте. Соның ишинде Халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, экспертлер, жергиликли мәдений мийрас, илим, көркем өнер ҳәм басқа тараў экспертлери ҳәм де ҒҚХ ўәкиллериниң қатнасыўы күтилмекте.

Ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласында Амфитеатр ҳәм де И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдындағы майданларда таярлық жумыслары жуўмағына жетпекте.

Махсет ҲӘБИБУЛЛАЕВ түсирген сүўретлер

Қарақалпақстан хабар агентлиги