Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 26-марттағы «Руўхый-ағартыўшылық жумыслары системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында» ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, оқыўшы жаслардың руўхый дунясын байытыў, олардың идеологиялық иммунитетин беккемлеў мақсетинде Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис районлық бөлими ҳәм Нөкис районы Халық билимлендириў бөлими менен биргеликте улыўма орта билим бериў мектеплеринде өткерилетуғын үгит-нәсият илажлар режеси тастыйықланды.
Тастыйықланған режеге муўапық, райондағы 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде “Үш әўлад ушырсыўы” өткерилди.
Ушырасыўға нураный устаз Қ.Қылышбаев, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен журналист А.Өтениязова, жас муғаллим Р.Жумабаевлар қатасып, мектеп оқыўшыларына өзлериниң өмир жолы, дөретиўшиликлик жумыслары ҳаққында кең түрде айтып берди.
Ушырасыў кешеси сораў- жуўаплар менен мазмунлы өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги