Бақсышылық көркем өнерин республикалық ҳәм халықаралық көлемде кең үгит-нәсиятлаў, Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалын республиканың басқа аймақларында да өткериў мақсетинде екинши Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалын өткериў орны сыпатында Нөкис қаласы белгиленген еди.

Фестивальда қәбилетли бақсыларды сайлап алыў мақсетинде усы жылдың 12-14-сентябрь күнлери Нөкис қаласында бақсылар арасында таңлаў шөлкемлестириледи.

Усы илажда илимий-әмелий конференциялар, сырт елли ҳәм Өзбекстаннан келген көркем өнер шеберлери және бақсы-шайырлардың концертлери өткериледи. Сондай-ақ, сейиллер, бақсышылық көркем өнери тарийхына байланыслы көргизбе, өзбек, парсы, араб, инглис ҳәм рус тиллеринде басып шығарылған илимий-изертлеў жумыслары және илимий-ағартыўшылық әдебиятлардың презентациясы болып өтиўи жобаластырылған.

Фестиваль шеңберинде өткерилиўи жобаластырылған конференцияны эпидемиологиялық жағдайды есапқа алған ҳалда онлайн ҳәм оффлайн (гибрид) тәризде өткериў жобаластырылған.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.