25-август күни Шоманай районында 13-«Санлы технологиялар» оқыў орайының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Бул ҳаққында «IT Park Karakalpakstan» каналы хабар берди.
Илажға район ҳәкими Б.Янгибаев, Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы баслығының орынбасары Қ.Қоланов ҳәм «IT-Center» Қарақалпақстан Республикасы аймақлық директоры М.Елмуратов, сондай-ақ, район турғынлары, мәлимлеме технологияларына қызығыўшы жаслар және тараў ўәкиллери қатнасты.
– Жаңадан ашылған орай заманагөй ҳәм барлық қолайлықларға ийе болып, Шоманай районы жасларының IT тараўы, яғный веб-программаластырыў, мобиль робототехника, андроид қосымшаларды жаратыў, киберспорт, IT-инглис тили, IT-исбилерменлик және стартап жойбарларды ислеп шығыўын қоллап-қуўатлаў ушын барлық шараятлар жаратылған, – дейди «IT-Center» Қарақалпақстан Республикасы аймақлық директоры М.Елмуратов.
Орай 20 дана компьютер комлекси ҳәм робототехникалық үскенелер менен тәмийинленген.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.